АҚШтың NASA космослық агентлиги Жер планетасының Қуяш тәрептен түсирилген сүўретин өз сайтында жәриялады.
Сүўрет Қуяшты изертлеў ушын ушырылған Solar Prober Parker зондындағы WISPR қурылмасы жәрдеминде түсирилген. Бул оптикалық спектрдеги сүўретлерди түсириўге мүмкиншилиги болған бирден-бир қурылма болып табылады.
Төмендеги сүўретте көрип турғаныңыздай узақта Ай сыяқлы жарқырап турған ноқат Жер планетасы. Сүўретти жақынлатсаңыз оның қасындағы кишкене ақ ноқатты көресиз, бул Жердиң жолдасы – Ай.
Бул сүўрет Жерден 43 миллион километр қашықлықта түсирилген.
Және сүўреттиң төменги шеп тәрепинде еки жақты ноқатты көриўиңиз мүмкин – бул Бетельгейзе ҳәм Беллатрикс жулдызлары.
Қурылманың айланыўына байланыслы олар бираз созылыңқы болып көринеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.