«Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде 22-26-октябрь күнлери биринши мәрте «InnoWeek» инновациялық идеялар ҳәптелиги болып өтеди.
Илажда Өзбекстан Инновациялық раўажланыў министрлиги, жергиликли ҳәм сырт ел жетекши илимий-изертлеў мәкемелери менен компаниялары, инвестиция қорлары, технологиялық агентликлер, технопарклер, илим ҳәм техниканың түрли тараўларында изертлеў жумысларын алып баратуғын бизнес инкубаторлардың ўәкиллери қатнасады.
Онда Австралия, Уллы Британия, Италия, Израиль, Россия, Түркия, Эстония, Иран, Қазақстан ҳәм АҚШ тан келген илимпазлар өз илимий ойлап табыўларын ҳәм қолланбаларын көрсетеди.
Өзбекстан Инновациялық раўажланыў министрлигиниң мағлыўматына бола, «InnoWeek» Өзбекстанның ҳүкимет ҳәм исбилермен топарлары ҳәм потенциаллы инвесторлардың сөйлесиўи ушын өзине тән майданша жаратыўға мөлшерленген әҳмийетли илаж болып есапланады. Ол тек ғана Өзбекстанда емес, ал сырт елде ислеп шығылған жаңа технологияларды да көрсетиўге бағдарланған. Ҳәптелик шеңберинде болып өтетуғын идеялар алмасыўы перспективалы инвестициялық имканиятларды жүзеге шығарыў мүмкиншилигин береди.
«InnoWeek» бағдарламасы бир қатар қәнигелестирилген илажларды өз ишине алған. Биринши инновациялық технологиялар халықаралық ярмаркасы, халықаралық инновациялық ҳәм инвестиция форумы және робототехника бойынша халықаралық жаслар чемпионаты да усылардың қатарына киреди. Ҳәптелик шеңберинде социаллық ҳәм қаржы тараўларындағы инновациялар, аўыл хожалығы, экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы соңғы илимий жетискенликлер көрсетиледи.
Роман БОНДАРЧУК,
ӨзАның хабаршысы