Өзбекстан сырт еллер менен белсене бирге ислесип келмекте. Атап айтқанда, Россия Федерациясы менен байланыслар шеңбери жыл сайын кеңеймекте. Басқа бағдарлар қатарында еки елдиң әскерий тараўдағы бирге ислесиўи де избе-из раўажланбақта.

Қорғаныў министрлигиниң баспасөз хызмети мағлыўматларына қарағанда, 2000-жылдан баслап, Өзбекстан менен Россия арасындағы әскерий тараўдағы бирге ислесиў қорғаныў мәкемелери арасында ҳәр жылы қол қойылатуғын әскерий бирге ислесиў режеси тийкарында әмелге асырылады. Бул реже шеңберинде тәреплер оператив ҳәм жаўынгерлик таярлық, әскерий кадрлар таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, ҳаўа кемелери ҳәрекетин басқарыў ҳәм пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы бағдарларда көплеген илажларды шөлкемлестирип келмекте. Өткен дәўир даўамында еки мәмлекет аймағында 300 ге шамалас бирликтеги илажлардың өткерилгени буны дәлиллейди.

Еки тәреплеме әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўдиң беккем нормативлик-ҳуқықый базасы жаратылған.

май 2018г (3).JPG

окт. 2018 (1).JPG

Соңғы еки жыл әскерлеримиз ушын бирге ислесиўдиң ең белсенди дәўири болды. 2017-жыл октябрьде Жиззақ ўәлаятындағы «Фориш» таў-дала оқыў майданында Өзбекстан ҳәм Россия қураллы күшлери бөлимлериниң бирликтеги шынығыўы өткерилди. Полигонда буннан алдынғы шынығыўлар 2005-жылы шөлкемлестирилген еди. Он еки жыллық тәнепистен кейинги шынығыўда еки елден 400 ге шамалас әскерий хызметкер қатнасты. Әскерлер шәртли терроршылар топарын излеп табыў ҳәм жоқ қылыў, сондай-ақ, қурамалы таўлы аймақларда арнаўлы операцияларды өткериў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасты.

2017-жылдың өзинде және еки дыққатқа ылайық ҳәдийсе жүз берди. Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясы елшиханасы жанында әскерий атташе лаўазымы енгизилди. Ташкентте регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине бағышланған Өзбекстан-Россия мәсләҳәтлесиўлериниң 5-басқышы болып өтти.

окт. 2018г (2).JPG

Фориш 2017 (1).JPG

Фориш 2017 (4).JPG

2018-жыл 21-май күни Россия Федерациясының қорғаныў министри Сергей Шойгу басшылығындағы әскерий делегация рәсмий сапар менен Өзбекстанға келди. Өзбекстан қорғаныў министри Абдусалом Азизов пенен сөйлесиўлерде қорғаныў тараўындағы бирге ислесиў ҳәм оның перспективалары додаланып, әскерий-техникалық байланысларды беккемлеў бойынша пикир алысылды.

Усы жыл 12 октябрь күни Өзбекстан ҳәм Россия қорғаныў уйымларының басшылары және бир мәрте Ташкентте ушырасты. Бул гезектеги пикирлесиўде Өзбекстан ҳәм Россия қорғаныў министрлери тәрепинен 2019-жылғы еки тәреплеме әскерий бирге ислесиў режеси қабыл етилип, әскерий-ҳаўа кемелери тәрепинен еки мәмлекеттиң ҳаўа кеңисликлеринен пайдаланыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА