UzCard терминаллары сатып алыў процесин бийкар етип, пулды картаға қайтарыў имканиятына ийе болды, деп хабар бермекте Xabar.uz Бирден-бир процессинг орайы мағлыўматына тийкарланып.
Орай қәнигелери тәрепинен ислеп шығылған жаңа бағдарлама барлық POS терминалларда «Транзакцияны бийкар етиў» функциясын иске түсиреди. Оның жәрдеминде терминалда әмелге асырылған қәте транзакцияларда және тутыныўшы өнимди қайтарғанында төлемлерди бийкар етиў имканияты пайда болды.
UzCard карталары ушын «Транзакцияны бийкар етиў» операциясынан сатып алыў әмелге асырылған ўақыттан баслап күн ақырына шекем әмелге асырылыўы мүмкин.
UnionPay ҳәм MasterCard халықаралық пластик карталар ушын болса, «Транзакцияны бийкар етиў» операциясы «Есаплаўды тексериў» функциясы әмелге асырылғанға шекем, яғный саат 16:00 ге шекем әмелге асырылыўы мүмкин.
Төлемди бийкар етиў ушын чек керек болады. Қаржылар картаға сол ўақыттың өзинде қайтарылады.
Жаңа бағдарламаны орнатыў ушын саўда орны ўәкиллери өз банклерине мүрәжат етиўи керек болады. Ол жерде жаңа бағдарлама бир неше минут ишинде орнатып бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги