Америкада Transcend Air стартапы ҳаўаға тик көтерилетуғын самолёт усынды, деп хабар бермекте ҚазАқпарат хабар агентлиги.

Компания ўәкиллериниң айтыўынша, тик ушатуғын самолётлар негизинде бизнес тасыўлар ушын қолайлы, олар кәсип ийелерине ўақытты үнемлеўге пайдасын тийгизеди.

Дус келген аэропорт самолёт ҳаўаға көтерилиўи ҳәм қоныўы ушын қолайлы.

Transcend Air бас операциялық директоры Питер Шмидтиң айтыўына қарағанда компания ҳәзир баҳаны тәртипке салыўшылар менен келисип атыр. компания бундай самолётлардың хызметине 2024-жылға қарай рухсат алыўды режелестирилип отыр.

Соны да айта кетиў керек, самолёт алты жыл ишинде исленип, сыртынан қарағанда дронды еске салады. Оның салонында тек алты орын бар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги