Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс лингвистика (рус тили) қәнигелиги магистранты Айсултан  Бектурсинова Президент стипендиясы жеңимпазы болды.

 Ол 1994-жыл 25-январьда Нөкис қаласында туўылған. Пайтахтымыздағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң фортепиано бөлиминде оқып билим алған.

Айсултан мектеп дәўиринен баслап рус ҳәм инглис тиллеринен олимпиадаларға қатнасып биринши орын жеңимпазы болып келген.

Ол Нөкис мәмлекетлик педагогика институтының рус тили ҳәм әдебияты факультетинде оқып жүрген ўақытында да Президент стипендиясы жеңимпазы болған. Бул Айсултанның екинши мәрте ерисип атырған жетискенлиги есапланады.

Ол оқыў менен бир қатарда Қарақалпақстан радиосында «Хабар» бағдарламасында рус тилинде еситтириўлер алып барған.

– А.Бектурсинова аўыр минезли, тынық, салдамалы талапшаң. Ол берилген тапсырманы сапалы орынлайтуғын қәбилетли, келешегинен үлкен үмит күттиретуғын қыз,  – дейди магистратура бөлими баслығы, доцент А.Гулимов.

А.Бектурсинова устазы профессор Людмила Хван менен бирликте илим менен шуғылланып, оның әлўан түрли сырларын үйренбекте.

Айсултанның келешектеги әрманлары бир қанша. Ол «Академия знаний» оқыў орайында жасларға рус тилин үйретиўдей ийгиликли мақсетлерди алға қойған. Биз өз гезегинде оның ерискен жетискенлиги менен қутлықлаймыз ҳәм «нийетиң жолдасың болсын» деп қаламыз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы