Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 19-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинен соңғы ойлар

Жақын өтмишимизде «Суў – тиришилик дәреги» деген сүрен дус келген дийўаллар менен көпирлерге, каналлар менен дәрья жағысларына жазып қойылатуғын еди. Көсемлери «Шығысты суў арқалы ғана басқарыў мүмкин», деп билим алғанлар бул сүренди айрықша жақсы көретуғын еди. Суў тиришилик дәреги екен, демек, сениң өмириң мениң қолымда, қәлесем жасайсаң, қәлемесем… өзиң билесең. Орайласқан бул сиясат дерлик бир әсир даўам етти. Орайлық Азия халықлары ғәрезсиз мәмлекетшиликке ийе болды, бирақ, суў сиясаты өзгермеди. Оның ақыбетин Президентимиз бәлент минберден толық түсиндирип отырмады, Арал теңизиниң ҳәзирги жағдайы сүўретленген картаны көрсетиў менен ғана шекленди…

Өмир бойы телевизорда «Ахборот» көрип, биринши мәрте көзимиз жасланды. Арал бизиң көз алдымызда қурыды ҳәм оның ушын бул машқалаланың жүзеге келиўине айыпкер әўлад ўәкиллери сыпатында «не ислеп қойдық, енди не ислеўимиз керек», деген сораў бизге улыўма шешими жоқ жумбақ болып қалған еди.

Бул жумбақтың шешимин Президентимиз Қарақалпақстан Республикасына келгенинде таўып, Аралға диагноз қойды: пахта монополиясынан ўаз кешиў, трансшегаралық суў резервлеринен ақылға уғрас пайдаланыў. Мине нәтийжеси, быйыл бәҳәрде-жазда Әмиўдәрьямыз өзине сыймай ағып, Арал бассейниндеги көллер толып-тасты, теңизи менен хошласқан шағалалар көллерге қайтты, жубына садық аққуўлар көбейди, Үстирт етегиндеги Сүўенли көлинде қутанлар секирип ойынға түсе баслады.

Қарақалпақстан Республикасының бес районында пахта майданларына басқа егин түрлери егилди. «Шөжени гүзде санайды», дейди, мине, алтын гүз де кирип келди, санап көремиз енди.

Президентимиздиң жоқары минберден турып сөйлеген баянатларында атап өтилген ноябрь айында Самарқанд қаласында БМШтың қоллап-қуўатлаўында өткерилиўи нәзерде тутылып атырған «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўмалық келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» атамасындағы жоқары дәрежедеги халықаралық әнжуманның темасына итибар бериң. Арал машқаласының ең тийкарғы шешими усы темада, деп ойлаймыз.

Тарийх жақсы, бирақ, оның астарында «мениң бабам сениң бабаңды Қаратаўда бир жықты» сыяқлы мәнис болса, бул регионда Аралдан басқа нәрселердиң  де қурып кетиўи ҳеш гәп емес.

Шайыр тили менен айтқанда:

Аталардың пәмсизлиги, қәтеси себеп,

Бесикте жатып-ақ байымақтамыз…

Тумарис, Кир, Искендер Зулхарнайн, Шыңғысхан, Әмир Темур, Шайбаний, Едиге батыр заманларында да Туран менен Арал бар еди… Кир патша Әмиўдәрьяның оң жағасына жаўынгерлерин кемелер менен салларда өткерип, соң сол көликлерди жағып жибергенин билемиз. Неге дегенде, ол Тумарис елин басып алатуғынына исенген еди…

…Искендер Зулхарнайн Уратөбеде жарақатланып, арқа әскерлери Нуратаға жеткенде «енди бул қумлардың аржағында сайғақлар жасайды екен» деп ойлаған жеңилмес әскерлердиң сәркардасы, Хорезмшаҳ Фарасман II ниң «Тиймесең тиймеймен, тийсең оңдырмайман» деп жазылған хатын алып, атының басын изге бурғаны белгили…

…XVI әсирде Бухара ҳәкими әмир Шаҳмурад Мурғаб дәрьясына қурылған бөгет ушын әскерлерди жиберип, оны буздырғанына не дейсиз!

Қулласы, биз өтмишти өз орнына қойып, тарийхымыздың, динимиздиң бирлигинен мақсетимиздиң бирлиги келип шығатуғын идеялар тийкарында бүгинги әўладымызға аўызбиршилик, абадан келешек жолына баслағанымыз мақул деп ойлаймыз. Буны Президентимиздиң Түркменстанға, Қазақстанға ҳәм Қырғызстанға әмелий сапарлары тастыйықлайды.

Өтмиштиң қайсы бир келиспеўшиликлерине қарамаң, оның тамырында өз мәпин ойлаўшылық идеялары бар. Орайлық Азия суўларының бөлистирилиў системасындағы әдалатсызлықлар да усылардың қатарына киреди.

Президентимиздиң баянатындағы төмендеги қатарларға биз жүз процент қосыламыз, себеби, мәмлекетимиз басшысы бизиң кеўлимиздеги сөзлерди айтты: «БМШ Бас хаткериниң «суў, тынышлық ҳәм қәўипсизлик машқалалары өз-ара тығыз байланыслы», деген позициясын толық қоллап-қуўатлаймыз. Суў машқаласын шешиўдиң регион еллери менен халықларының мәплерин теңдей есапқа алыўдан басқа жолы жоқ екенине исенемен.

Өзбекистан БМШтың превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орайы тәрепинен ислеп шығылған Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлериниң суў ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы конвенцияларының жойбарларын қоллап-қуўатлайды.

Бүгинги күнниң ең аўыр экологиялық машқалаларынан бири – Арал апатшылығына және бир мәрте итибарыңызды қаратпақшыман. Мине, мениң қолымда – Арал апатшылығы сәўлелендирилген карта. Буны артықша түсиндирип отырыўдың қәжети жоқ, деп ойлайман».

Оғада анық, әдалатлы ҳәм жақсы пикирлер.

Бизиң пикиримизше, теңизди сақлаўдың ең мақул жолы – суўды бөлистириўде  Аралға Орайлық Азия халықларына тийисли улыўмалық мүлк сыпатында қарап, оған жетерли суў муғдарының өз алдына белгилениўи ҳәм оннан аўысқан суўлар мәмлекетлердиң талабына муўапық бөлистирилиўи әдалаттан болар еди.

Халық Президентимиздиң басламасы менен Қоңыраттан 101 километрге трубалар арқалы жедел түрде Мойнаққа жеткерген ишимлик суўын таўап етпекте. «Өткен әсирдиң алпысыншы жыллары да ишимлик суўымыздың сапасыз екенин ҳүкимет билетуғын еди, тилекке қарсы, бирде-бир илаж көрмеген, мине, усы Президент баламызға рахмет, алты айға жетер-жетпес ўақыт ишинде Мойнаққа таза ишимлик суўын алып келди», дейди арал кекселери.

Шынында да, бурын Мойнақты көрген де, көрмеген де бүгин бул жерди танымай қалады. Орайлық көше кең гүзарға айланып, көп қабатлы имаратлардың арасынан өтип, еркин экономикалық зонадағы бурынғы балық- концерва заводының аймағында жеңил санаат кәрханасына көзиңиз түседи. Қала қурылысқа толы майданларға айланған.

Халық пенен пикирлесиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген сайын адамлардың жақсы жасаў тилеги күшейип, абадан турмыстың тийкары беккемленбекте. Шор топырақта гүллеген жыңғыллары менен шеңгелзарларын дүньяның барлық цитрус тоғайларынан абзал көретуғын қарақалпақлардың руўхы жоқары. Руўхый дүньясы бай адамлар силтесе сымды, тепсе темирди үзеди.

Бәрекәлла халқым, Сизден миннетдармыз Президент!

 

Ғайратдин ХОЖАНИЯЗОВ,

Өзбекистан Қаҳарманы, Сенатор,

Оразбай ӘБДИРАХМАНОВ,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

ӨзА