Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Прокуратура органлары ҳәм жоқары билим бериў мәкемелериниң юридик кадрларды таярлаў барысындағы шериклигиниң жаңа дәўири» атамасында прокуратура ҳызметкерлериниң университет студентлери менен ушырасыўында студентлердиң прокуратура органларында жумыс үйрениўин системалы түрде шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде жәмийетшилик тийкарында ҳәрекет жүргизетуғын «Болажақ прокурорлар клубы» шөлкемлестирилгенлиги ҳаққында мәлим етилди.
Усы ушырасыўда Ташкент мәмлекетлик юридика университети, Өзбекистан жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында юридика тараўына кадрларды таярлаў барысындағы шериклик хаққындағы меморандумға қол қойылды ҳәм усы меморандум тийкарында реже қабыл етилди.
Ушырасыўда клуб ағзалығына прокуратура органларында ислеўди қәлеўши 2-3 ҳәм 4-басқыш бакалавр ҳәм магистратура студентлери сәўбетлесиў тийкарында билим дәрежеси, дүньяға көзқарасы ҳәм, оның шахсы үйренилген жағдайда қабыл етилди ҳәм секторларға бөлинип жумыс алып барды.
Клуб ағзалары оқыў жылы даўамында оқыў пайтынан бос ўақытлары нызамлардың орынланыўы үстинен прокурорлық бақлаўды әмелге асырыў, жынаят хаққындағы арза ҳәм хабарларды көрип шығыўда қатнасыў, жынаят ислеринде дәслепки тергеўди алып барыў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың шағымларын көрип шығыў, суд процесинде таярлық көриў ҳәм қатнасыў имканиятына ийе болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги