Елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде мәҳәллелердеги 12-20 ҳәм 21-30 жасқа шекемги болған жаслар арасында «Мен оқыған китабым» атамасындағы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўдың мәҳәллелераралық, қалалық ҳәм районлық басқышларында 1000 нан аслам жаслар қатнасты.

Таңлаўдың республикалық басқышында 32 жас қатнасып, қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән әдебияты дүрданаларының мазмун-мәниси, олардан үзиндилер атқарыў ҳәм авторлардың дөретиўшилик жолы сыяқлы шәртлерде өз билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў жуўмағында 12-20 жасқа болған жаслар арасында Хожели районындағы «Жүзимзар» МПЖ дан Г.Жумамуратова биринши, Төрткүл районындағы «Шорахан» АПЖ дан Ш.Кәримбаева екинши, Қараөзек районындағы «Есим» МПЖ дан А.Тилеўова үшинши орынды ийелеген болса,  21-30 жасқа шекемги жаслар  арасында Елликқала районындағы  «Сарабий» АПЖ дан Ҳ.Раджапова биринши, Қоңырат районындағы «Қоңырат» АПЖ дан С.Султанова екинши, Тақыятас районындағы «Кенегес» АПЖ дан А.Қурбаниязов үшинши орынды  жеңип алды.

Таңлаў жеңимпазлары Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм қәўендер шөлкемлер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы