Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары Одил Абдураҳмонов төмендеги жаңалықлар ҳаққында хабар берди, деп жазады Kun.uz сайты.
– Жаңа оқыў жылында бирнеше реформаларды әмелге асырыўға ҳәрекет еттик. Атап айтқанда, быйыл студентлердиң өзлестириўин баҳалаў системасы жетилистирилген формаға өткериледи. Бунда алдынғы 100 баллық системадан ўаз кешиледи ҳәм 5 баллық баҳалаў енгизиледи.
Соның ишинде, педагогтың жуўмақлаўшы қадағалаў имтиханларындағы қатнасыўын шеклеў әмелияты қолланылады. Гезектеги өзгерислердиң бири «устаз-шәкирт» дәстүрин енгизиў мақсетинде оқыў жүклемелерин есапқа ала отырып профессор-оқытыўшылар «ўақыт нормалары»ның жаңа механизмлери тастыйықланады. Жоқары оқыў орынларында педагог хызметкерлерди таңлаў тийкарында жумысқа қабыллаўдың жаңа тәртиби белгиленеди.
Питкериўши студентлер тапсыратуғын жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациялық имтиханлары оптималластырылады ҳәм тийкарынан питкериў қәнигелик жумыслары ямаса қәнигелик пәнлерден мәмлекетлик имтиханларға итибар бериледи, – деп айтып өткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.