Президентимиздиң 2018-жыл 30-майдағы «Перспективалы басқарыў кадрларын таңлаў тийкарында таңлап алыўдың заманагөй системасын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында перспективалы басқарыў кадрларының системалы тийкарда таңлап алыныўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер системасында олардың кәсиплик маманлығын үзликсиз арттырып барыўға көмеклесиў мақсетинде ҳәр 3 жылда перспективалы басқарыў кадрларды таңлап алыў бойынша «Тараққиёт» республикалық таңлаўы өткериледи.

Таңлаўда таяныш жоқары мағлыўматқа ҳәм тийисли тараўда басшылық лаўазымында кеминде үш жыллық жумыс тәжирийбесине ийе, 30 жастан 45 жасқа шекем болған (45 жас та қосылған ҳалда) Өзбекстан Республикасының пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

«Тараққиёт» республикалық таңлаўында талапкерлер 16 номинация бойынша өз тараўынан келип шығып қатнасыўы мүмкин. Атап айтқанда:

  1. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  2. Суд-ҳуқық тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  3. Финанс-кредит тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  4. Санаат тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  5. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  6. Аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  7. Архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  8. Коммуналлық хожалық тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  9. Салық ҳәм бажыхана тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  10. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  11. Билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  12. Денсаўлықты сақлаў тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  13. Мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  14. Сыртқы сиясат, сыртқы экономикалық жумыс ҳәм туризм тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  15. Макроэкономикалық ҳәм аймақлық раўажланыў тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.
  16. Транспорт ҳәм логистика тараўындағы ең жақсы басқарыўшы.

Мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет ислеп атырған қатнасыўшылардың таңлаўда қатнасыў дәўиринде ийелеп турған лаўазымы ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы сақлап қалынады.

Таңлаў жеңимпазларына ең кем  мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында, финал басқышының қалған қатнасыўшыларына болса ең кем мийнет ҳақының 25 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық төленеди. Таңлаўдың финал басқышының қалған қатнасыўшылары тийисли тараўдың басқарыў кадрлары резервине киргизиледи.

Таңлаў жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Корпоратив басқарыў илимий-билимлендириў орайының базасында тийисли министрликлер, уйымлар, ири компаниялардың басшылары,  жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери және илимпазлардың қатнасында өткерилетуғын, раўажланған сырт еллердиң  тараўға тийисли шөлкемлеринде таңлаўдың тийисли номинациялары бойынша стажировкадан өтиўди өз ишине алатуғын «Басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық үш айлық курсларда оқыйды.

Таңлаў жеңимпазлары «Басқарыў кадрларын таярлаў бойынша Президент бағдарламасы»на муўапық үш айлық курсларды өтегеннен кейин тийисли бағдарлар бойынша мәмлекетлик шөлкемлерде басшылық лаўазымларына тайынланады.

Таңлаўда қатнасыў ушын taraqqiyot-tanlov.uz интернет порталына кирип, дизимнен өтиў зәрүр. Оның ушын талапкер әлбетте ONE.ID.UZ порталынан дизимнен өткен болыўы шәрт.

Таңлаўда қатнасыў ушын талапкерлер 2018-жылдың 1-октябринен 30-октябрьге шекем онлайн дизимнен өтиўи мүмкин. Толық мағлыўмат taraqqiyot-tanlov.uz порталында жайласқан.

Усы порталдан дизимнен өткеннен соң талапкер анкетасы толтырылады. Онда талапкер ҳаққында толық мағлыўматлар базасы қамтып алынады.

Таңлаў қатнасыўшылары анкетада белгиленген түрдеги исенимли мағлыўматты көрсетиўи шәрт. Анкетаға надурыс мағлыўматты киргизиў қатнасыўшыны таңлаўдан шетлетиўге себеп болыўы мүмкин.

Қатнасыўшылардың анкеталарын үйрениў ушын жумысшы топар қурамы таңлаў комиссиялары тәрепинен қәлиплестириледи. Жумысшы топарлары саны ҳәм олардың ағзаларының қурамы ҳәр бир номинацияға усынылған арзалардың санына байланыслы ҳалда қәлиплеседи.

Таңлаў қатнасыўшылары өзлери тәрепинен усынылған анкета қайсы номинацияға тийисли болатуғынын еркин түрде белгилейди. Анкета көрип шығылып атырғанда жумысшы топардың ўәкиллери анкетада қатнасқан шахс көрсеткен тараўдағы жумыс тәжирийбесине қарап талабанды өзгертиўди усыныс етиў ҳуқықына ийе болады.

Таңлаўдың веб-порталында кейинги таңлаў түринде қатнасыўшылар дизими, таңлаўдың өткерилиў күни, орны жәрияланып барылады.

Веб-порталға келип түскен анкеталар үйрениледи, талабанлардың ақылый потенциалы (IQ-тест), психологиялық турақлылық, шет тиллерди билиўи, сиясий-ҳуқықый ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардағы реформалардан хабардарлық дәрежеси бойынша онлайн тесттен өткериледи.

Шет тилди билиў дәрежеси рәсмий тастыйықланғаны ҳаққындағы халықаралық сертификатлар бар болған (В2 – CEFR (Common European Framework of Reference), 5,5 балл – IELTS (International English Language Testing System) ҳәм 72 балл – TOEFL (Test of English as a Foreign Language) қатнасыўшылар шет тиллерди билиў дәрежеси бойынша тестлерден азат етиледи. Бул қатнасыўшыларға таңлаўға максимал балл қойып бериледи.

Жазба сынақлар ҳәм стажировка басқышында онлайн тестлерден табыслы өткен талабанларға жазба аналитикалық материаллар (баянат) таярлаў ушын ҳәр бир номинация бойынша машқалалы, әмелият пенен тиккелей байланыслы болған, аналитикалық пикирлеўди нәзерде тутатуғын, ҳәр бири 5 сораўды қамтып алатуғын тезислер бериледи.

Талабанлар тәрепинен тийисли номинациялар кесиминде 5 сораўды қамтып алған тема бойынша таярланған жазба аналитикалық материалларды (баянатлар) тексериў нәтийжесинде қатнасыўшылардан 300 талабан таңлап алынады.

Талабанлардың топарда ислеў көнликпеси, профессионаллық дәрежеси ҳәм басқарыў қәбилетин анықлаў мақсетинде тийисли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер менен уйымларға бир айлық стажировкадан өтиў ушын жибериледи.

Бир айлық стажировка ҳәм талабанлардың шөлкемлестириўшилик қәбилетин ҳәм басқарыўшылық потенциалын анықлаўға қаратылған жазба тест сынағы нәтийжелерине тийкарланып таңлаўдың финал басқышына  усынылған 150 талабан анықланады.

Топарларда машқалалы жағдайларды (кейслер) шешиў ҳәм сәўбет процеси бойынша таңлаўдың финал басқышына усынылған 150 талабанның дизими, сынақлар өткерилетуғын сәне, ўақыт, орны ҳәм шәртлери таңлаўдың веб-порталында жәрияланады.

Топарларда машқалалы жағдайларды (кейслер) шешиў процеси ҳәм талабанлардың ҳәр бири менен жеке өткерилетуғын сәўбет нәтийжелерине бола таңлаўдың 50 жеңимпазы анықланады.

ӨзА