Өзбекстан Республикасы ҳүкимети қарарының жойбарына муўапық, буннан былай елимизде 21:00 ден 09:00 ге шекем алкогольлы өнимлерди сатыўға жол қойылмайды, кеўил ашар саўда объектлери ҳәм улыўмалық аўқатланыў кәрханаларында хызмет көрсетиў саат 23:00 ден баслап тоқтатылады.
Бул бойынша қарар жойбары Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер додаланатуғын порталда жәрияланды.
Ҳүжжетке муўапық, буннан былай алкогольлы өнимлерди қуйып сатыў тек ғана улыўмалық аўқатланыў кәрханаларында алкогольлы өнимлерди усақлап сатыў ҳуқықын беретуғын рухсатнама-гүўалығы тийкарында әмелге асырылады.
Кеўил ашар саўда объектлери ҳәм улыўмалық аўқатланыў кәрханаларында хызмет көрсетиў саат 23:00 ден баслап тоқтатылады.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетине:
– саўда объектлери ҳәм улыўмалық аўқатланыў кәрханаларында алкогольлы өнимлерди усақлап сатыў қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтиў;
– үш айлық мүддетте алкогольлы өнимлер сатылатуғын саўда объектлери ҳәм улыўмалық аўқатланыў кәрханаларын техникалық жақтан қорғаў қураллары, өрттен дәрек беретуғын, қорғаў сигнализациялары ҳәм видеобақлаў системалары менен үскенелеў ҳәм орнатылған тәртипте ишки ислер органларының техникалық қорғаў пунктлерине жалғаў илажларын көриў ўазыйпасы жүкленген.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери алкогольлы өнимлердиң тарқатылыўы ҳәм пайдаланылыўын шеклеў, олардың унамсыз тәсири профилактикасына бағдарланған үгит-нәсиятлаў илажларын күшейтиўи күтилмекте.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлерине республика бойынша бир ай мүддетте тийисли қәнигелерди шақырып түнги клуб көринисиндеги кеўил ашар саўда объектлеринде айрықша жағдайлардың алдын алыў, олардың өртке қарсы ҳәм санитариялық жағдайларын, сондай-ақ, усы объектлерде қәлиплесип атырған руўхый-социаллық орталықты үйренип шығыў ҳәм нәтийжелери бойынша нызамда белгиленген шаралар көриў ўазыйпасы жүкленген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.