Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухаммедовтың мирәт етиўине бола 2018-жыл 24-август күни сапар менен Түркменстанда болады ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорының (АҚХҚ) шөлкемлестириўши мәмлекетлериниң басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасады.
Түркменбоши қаласында болып өтетуғын АҚХҚ саммитинде глобаллық ықлым өзгериўи шараятында Арал теңизи бассейниниң экологиялық жағдайын жақсылаўда Орайлық Азия еллери бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери көрип шығылады.
Мәжилис жуўмағы бойынша Мәмлекет басшылары кеңесиниң бирликтеги билдириўи қабыл етилиўи күтилмекте.
ӨзА