Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында денсаўлықты сақлаў тараўында исленген жумыслар ҳәм 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалар көрип шығылды.

Бул тараўдағы сапа өзгерислери қаладан баслап шетки аймақларға шекем, балалардан баслап кекселерге шекем – ҳәммениң өмиринде сәўлеленеди. Соның ушын оған ажыратылып атырған бюджет қаржылары ҳәр жылы көбейтилип барылмақта. Барлық социаллық хызметлер қатарында медицина да халқымызға жақынластырылмақта. Басланғыш буўында 18 мыңнан аслам медициналық бригада шөлкемлестирилген.

Кеселликлерди анықлаў ҳәм емлеў әмелиятына заманагөй технологиялар енгизилмекте. Қәнигелескен медициналық хызметте диагностика усыллары 500 ден, емлеў усыллары болса 800 ден асты.  Жеке меншик медицинаның раўажланыўына кеңнен жол ашылғаны себепли хызметлер тармағы ҳәм таңлаў имканияты көбейди.

2024-жылы тараўға 36 триллион сум ажыратылған еди. Бул өткен жылға қарағанда 25 процентке көп.

Басланғыш буўында 6 түрдеги скрининг тексериўи жолға қойылды. Нәтийжеде 106 мың адамда қантлы диабет, 194 мыңында жүрек-қан тамыр, 2 мыңнан аслам ҳаял-қызда рак, мыңға шамалас балада онкогематологиялық кеселлик ерте басқышта анықланды.

Емлеўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги айрықша итибар талап етеди. Усы мақсетте 2 мыңнан аслам қәниге сырт елде қайта оқытылды. Нәтийжеде аймақлардағы жоқары технологиялық операциялардың үлеси 61 процентке жетти. 43 бағдардағы 191 клиникалық протокол халықаралық үлгилер тийкарында жаңаланды.

Қәнигелескен орайлар ҳәм филиалларда быйыл 100 мың наўқас жеңиллетилген жоллама тийкарында емленди. 7 қәнигелескен орай сапа қадағалаўы бойынша халықаралық аккредитациядан өтти.

2025-жылы денсаўлықты сақлаў тараўына 41 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған. Бул қаржы есабынан жаңа емлеўханалар шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў, қуўатлықларды кеңейтиў, медициналық тексериўге қамтылыўын кеңейтиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул тараўдағы тийкарғы ўазыйпа – басланғыш буўында медицинаның сапасын арттырыў екенин атап өтти. Оның ушын министрлик вертикалын аймақларда дурыс ислетиў, әсиресе, шетки ҳәм аўыр районларға итибарды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.

Түркиялы экспертлер 6 аймақта медицина мәкемелериниң жумысы ҳәм оларда көрсетилип атырған медициналық хызметлерди үйренди. Үйрениўлер нәтийжесинде халыққа көрсетилип атырған басланғыш медициналық-санитариялық хызметлерди системалы реформалаў бойынша усыныслар ислеп шығылмақта.

Жуўапкерлерге бул мәселени терең таллап, басланғыш буўын трансформациясы бойынша қарардың жойбарын таярлаў тапсырылды.

Усы бағдардағы хызметкерлердиң тәжирийбе арттырыў бағдарламасы жетилистириледи. Теориялық билим ҳәм көнликпелерди ийелеўден компетенцияларды раўажландырыўға басқышпа-басқыш өтиледи.

Сондай-ақ, келеси жыл медицина хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳақылары арттырылады. Шаңарақлық шыпакерлердиң мийнет нәтийжелилиги тийкарында үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.

Аймақларға қаратылып атырған итибар избе-из даўам еттириледи. Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Бухара, Хорезм, Қашқадәрья ўәлаятларында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў әмелиятлары енгизиледи. Орайласқан лаборатория хызметлери кеңейтиледи. «Сатып алыўлар орайы» ҳәм оның 13 аймақлық филиал шөлкемлестирилип, медициналық үскенелерден пайдаланыў электрон система арқалы қадағаланады.

Және 35 бағдарда 400 миллий клиникалық протокол ислеп шығылады. 7 қәнигелескен орай ҳәм 2 жоқары билимлендириў мәкемеси халықаралық аккредитациядан өткериледи.

Мәжилисте кадрлар мәселесине де итибар қаратылып, медициналық оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оның әмелият пенен байланысын беккемлеў, питкериўшилердиң басланғыш буўында тәжирийбе арттырыўын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА