«Аймақларда жоқары экономикалық өсиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң жаңа системасын жолға қойыў ҳәм бул бағдарда жергиликли ҳәкимликлердиң роли менен жуўапкершилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин ҳәм есап бериўшилигин арттырыў ҳәм олардың интакерлигин, реформа ҳәм өзгерислерге «ийелик етиў» ролин күшейтиўге қаратылған системасы енгизиледи.
2025-жылы республика ҳәм аймақлар кесиминде экономикалық өсиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин азайтыў бойынша мақсетли көрсеткишлер тастыйықланды.
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына төимендеги қаржылай имканият ҳәм ўәкилликлер бериледи:
– 2025-жыл 1 январьдан айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, мәмлекетлик активлерди ижараға бериўден түсимлерди толық көлемде ҳәм физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы түсимлериниң кеминде 50 процент бөлегин район (қала)лардың бюджетлерине өткериў;
– жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли болған акциялар (үлеслер)ды сатыўдан түскен қаржылардың 90 проценти Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджетине, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджетине ҳәм Ташкент қаласының қалалық бюджетине ҳәм объект жайласқан район (қала) бюджетине теңдей үлеслерде бөлистириледи.
Пәрманға муўапық, 2025-жылдан төмендегилерге руқсат бериледи:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине:
– район (қала)лардың экономикалық раўажланыў дәрежесинен келип шығып, ЖТИлер ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының ең аз ҳәм ең жоқары қатаң белгиленген ставкалары шеңберинде район (қала)лар кесиминде ЖТИлерге қатаң салық ставкалары муғдарын белгилеў;
-салық салыў мақсетинде қолланылатуғын көшпели мүлк ижара баҳасының 1 метр квадрат ушын орнатылған минимал муғдарларына салыстырғанда район(қала)лар кесиминде 2 есеге шекем арттыратуғын коэфициент, атап айтқанда, Ташкент қаласында усы арттыратуғын коэффициентти жер салығы сыяқлы зоналар кесиминде қолланыў;
Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслерине:
– суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларына 0,7 еседен 1,5 есеге шекем азайтатуғын ямаса арттыратуғын коэфициент қолланыў;
– темир емес қурылыс материаллары бойынша жер астынан пайдаланғаны ушын салықтың қатаң белгиленген ставкаларына 1,3 есеге шекем арттыратуғын коэффициент белгилеў ўәкилликлерин бериў.
Пәрманға муўапық, ҳәкимликлерге төмендеги ўәкилликлер бериледи:
2025-жыл 1-марттан аймағы 10 мың метр квадраттан, баҳаланған баҳасы 5 мың БҲМдан артпаған ҳәм 6 ай даўамында сатылмаған жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли көшпели мүлк объектлерин 2 жыл ишинде жаңа жойбарды иске қосыў ҳәм жумыс орынларын жаратыў шәрти менен:
– исбилерменлерге тиккелей 10 жыл мүддетке ижараға бериў ҳәм мәмлекетлик мүлк ушын 4 жыл даўамында үзликсиз ижара төлемлерин әмелге асырған ҳәм ижара шәртнамасының шәртлерин орынлаған исбилерменге меншиклестириў ямаса баҳаланған баҳада тиккелей сатыў;
– халықаралық тән алынған шет тили ҳәм маманлық сертификатларын алыўға оқытатуғын жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер ямаса шөлкемлерге дәслепки биринши жылы ижара төлеми өндирместен 5 жыл мүддетке, кейин ала оның мүддетин созыў шәрти менен ижараға бериў.
Район (қала)лардың ҳәкимлерине төмендеги бағдарларда ҳәкимшилик ўәкилликлер бериледи:
– мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм исбилерменлер арасында «турақлы байланыс» системасын жаратыў мақсетинде район (қала)ларда Исбилерменлердиң жәмийетлик кеңесин дүзиў;
-2025-жыл 1 –январьдан белгиленген министрликлер менен уйымлардың район (қала)лық бөлимлериниң басшыларын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық басқармалары менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў, сондай-ақ, тийисли жуўапкерлерге хошаметлеў ямаса нормативлик жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў;
– 2025-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем белгиленген дизим бойынша район (қала)ларда ҳуқықый эксперимент түринде район (қала) ҳәкимлигиниң жумысын «Халық ҳәм исбилерменлердиң мәплерине хызмет етиў» жаңа қатнас тийкарында шөлкемлестириў.
ӨзА