Абдусаид Кучимов
Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы.
Гә бахыттан парлап жанды қуяшың,
Гә Жайҳунға сыймай тѳгилди жасың,
Ўаҳ-ҳей не ғамларды кѳрмеди басың,
Гәҳи шам, гәҳи шоқ, базда шақмағым,
Қарақалпағым!
Мәгар Авестодан бурындур атың,
Атың қарақалпақ, түркийдур затың,
Келешек әўладың қанат, қуўатың,
Қурдасым, еллесим, улыс-аймағым,
Қарақалпағым.
Кимлер қасқыр киби таладылар кѳп,
Кимлер табаныңды жаладылар кѳп,
Алыстың гә жалғыз, гәҳи болып топ,
Гәҳи кѳклем пайыт қуўрады бағың,
Қарақалпағым.
Гездиң базда Едил, гейде Жайықта,
Душпан қуўғын қылды базда ҳайықпай,
Күнлериң селлерде қалған қайықтай,
Боранда, даўылда шыңланған таўым,
Қарақалпағым.
Қара күнлер изде қалғандур бүгин,
Сен ҳәмде мен уллы кәрўанбыз бүгин,
Ержүрек Журтбасым сәрўандур бүгин,
Аўылым, баўырым, кѳзим, қарағым,
Қарақалпағым.
Еркин шағалалар Аралға қайтар,
Саҳрада жуўырар кийик, сайғақлар,
Үстиртте жулдыздай жанған шырақлар,
Қуяштай парлағай мәңги ығбалың,
Қарақалпағым.
Гүллерге кѳмилген шѳллериң енди,
Қайда созсаң жетер қолларың енди,
Нур менен жуўылған жолларың енди,
Ҳәй меҳри булағым, сүйенген таўым,
Қарақалпағым!
Қарақалпағым!
* * *
Екеўмиз бир жанбыз – Ѳзбекстанбыз
(1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн)
Жайҳун киби йошты мақтанып елиң,
Қайтадан туўылды ол – ана тилиң,
Қустай қанат қақты бүгин кеўилиң,
Сениң ана тилиң – мениң ҳәм тилим,
Сениң аппақ кеўлиң, мениң ҳәм кеўлим,
Сен қарақалпақсаң, мен болсам ѳзбек,
Мен қарақалпақпан, ѳзбексең сен ҳәм,
Екеўмиз бир жанбыз, жалғыз ҳүжданбыз –
Ѳзбекстанбыз!
Ашық аспанымыз, жулдызымыз бир,
Нәрўан бир шынармыз – тамырымыз бир,
Тыныш кешлеримиз, күндизимиз бир,
Дәстурханымыз бир, нан-дузымыз бир,
Салтанатлы байрам, Наўрызымыз бир,
Сен қарақалпақсаң, мен болсам ѳзбек,
Мен қарақалпақпан, ѳзбексең сен ҳәм,
Екеўмиз бир жанбыз, жалғыз ҳүжданбыз –
Ѳзбекстанбыз!
Бул тилде бақсылар ҳей яр айттылар,
Жыраўлар тәғдирге болжаў айттылар,
Қырққызың жейранға мақтаў айттылар,
Қобызлар гүллерге сырлар айттылар,
Күнхожа, Бердақлар жырлар айттылар,
Ибрайым Юсуплер тәкирар айттылар
Сен қарақалпақсаң, мен болсам ѳзбек,
Мен қарақалпақпан, ѳзбексең сен ҳәм,
Екеўмиз бир ғәззел, жалғыз дәстанбыз,
Ѳзбекстанбыз!
Мениң де дәртимдур – Аралдың дәрти,
Кѳзиме тотыя ғубары, гирти,
Нағыз қарақалпақ – мәртлердиң мәрти,
Таўларды титиреткей мушының зарпы,
Дәстанға ылайық ҳәр сѳзи, парқы,
Әзелден егиздур биз бенен қәлби,
Сен қарақалпақсаң, мен болсам ѳзбек,
Мен қарақалпақпан, ѳзбексең сен ҳәм,
Екеўмиз бир зәмин, бирге аспанбыз,
Ѳзбекстанбыз,
Ѳзбекстанбыз!
1.12.2024ж
* * *
Ең үлкен байлығың…
Бийпаян қушағың кѳклердей кеңдур,
Қысым топырағың зер менен теңдур.
Жулдызлар бағады кѳктен даштыңа,
Бүркит ҳәўес пенен ушады бунда.
Питпес ғәзийнедур саҳра, шѳллериң,
Хожакѳли менен Даўыткѳллериң.
Қаражар дегендей кѳл жоқ дүньяда,
Жер асты байлығың оннан зыяда.
Сен әлемди тағы журтқа қараттың,
Жәҳәнде теңи жоқ отаў* жараттың.
Ески Ақшаханды* жақтыртқандай шам,
Ѳзин тиклеп атыр кексе Арал ҳәм.
Әй, мениң саўлатлы қара бѳрклилим,
Биженек, уғузым, нағыз турклилим.
Бул ески ҳақыйқат, ески талқындур,
Ең уллы байлығың – уллы халқыңдур.
30.11.2024ж
*Гинес китабына кирген Нѳкис отаўы.
*Ақшахан – ески қорған.
* * *
Тәжим
Ким айтты аңсат деп, кешип бәринен,
Дәрбедәр болмақлық ғайры еллерде.
Шексиз саҳралардың даўылларынан,
Шаң жутып, түнемек тақыр шѳллерде.
Гезип қарақалпақты аўылма аўыл,
Жоқтан бар, тилсимат дѳретип және.
Савицкий атлы азамат бир ул,
Ҳәйкел қойып кетмиш ѳзи-ѳзине.
Сол кемтар инсанды базда ойласам,
Топлар гүрсилдиси келер арқадан.
Қәбирден шыққандай болады кѳсем,
Кѳкирегин тутып оқ атқан таман.
Қаплап атырғандай әлемди түтин,
Қайдадур бузылып, қоныслар үйлер.
Мәгар делбеленген, әлемге бүгин,
Жетиспей турғандай Савицкийлер.
Кѳкирегиң ашып, ашшы түтиннен,
Қышқырғың келеди, ҳәй сиз накәслер:
Искендер не тапты басқын, зулымнан,
Не тапты Шыңғысхан түменлер баслап?
Сен ҳәм суў орнына зардап ағызып,
Мың-мың нәрестени қылғанша жетим.
Ишиңдеги жаўыз бир қуртты езип,
Оятсаң болмайма яқшы нийетиң!
Атағарғыс деди Гитлерди Ғафур*
Сабақ болмады ма адамхорларға?
Сенлер я ғайрыдин, я емес кәпир,
Ҳәтте ҳазарланар сѳз, қарғыслар да!
Қандайын сүрбетлик, қандай ислер бул,
Кеше бѳлискенлер тислем нанларын,
Бүгин топырағына жеткизип зәлел,
Мәгар бир-бириниң тѳксе қанларын.
Базда толып барар дүнья ғамларға,
Ғәзебиң қозады сѳзи жатларға.
Тәжим қылмақ керек сондай ўақтларда,
Савицкий киби уллы затларға.
2.12.2024ж
*И.В. Савицкий, Нѳкистеги Қарақалпақ мәмлекетлик кѳркем ѳнер музейиниң тийкарын салыўшы, художник, реставратор
* * *
Айқулаш
Халықтың кѳркем ѳнери – сайқалыдур Айқулаш,
Мынаў жарық әлемниң – ҳәйкелидур Айқулаш.
Онда уғуз, Биженек, қара бѳриктиң сазы бар,
Онда қобыз, гиржектиң, шынқобыздың назы бар.
Онда бардур Қызылқум, Аралқумлар әрманы,
Топыраққала, Айбүйир, Аязқала кәрўаны.
Бадайтоғай, Үстирттиң саўлатлары ондадур,
Султан Ўайис таўының әламаты ондадур.
Онда йошып мәстана ойнай берер балықлар,
Питер мәгар бир демде кеўилдеги жарықлар.
Бүркитлердиң пәрўазы, барыс шашты бар онда,
Алпамыз Байшубары қанатлары яр онда.
Онда барды сексеўил, жыңғыллардың қосығы,
Бәҳәр, жазы, гүз, қысы – пасыллардың қосығы.
Бүлбиллер тең келалмас Жийен шалған сазларға,
Ибрайым ағадай жағымлы ҳаўазларға.
Гүмис киби жалтырар қыраў таң атқан ўақта,
Қыраўлар ҳәм қосылар Бердақ айтқан қосыққа.
Қызғалдақлы далалар отлар жағып турғандай,
Туйғыларым кеўилге ағып-ағып киргендей.
Ойыншылар назлары қыялмекен, түспекен,
Я аспанды толтырып, ушып атқан қуспекен?
Ақша булттан асқайлар шабандоздың тулпары,
Дәрья киби тасқайдур қарақалпақ суңқары.
Халықтың кѳркем ѳнери – сайқалыдур Айқулаш,
Мынаў жарық әлемниң – ҳәйкелидур Айқулаш.
Аўдарған: К. Каримов
Қарақалпақстан хабар агентлиги