Өзбекстан ҳәм Қатар жетекшилери стратегиялық шерикликти кеңейтиў перспективаларын көрип шықты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекети Әмири Шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен 17-декабрь күни телефон арқалы сәўбетте жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў ҳәм инвестиция жойбарларын алға қойыў мәселелери дыққат орайында болды.
Мәмлекетимиз басшысы Қатар Әмирин миллий байрам – Мәмлекетке тийкар салынған күн менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Қатар халқына болса тынышлық, татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Жедел байланыс ҳәм алмасыўлар нәтийжелери унамлы баҳаланды. Быйылғы жылдың ноябрь айында Доха қаласында ҳүкиметлер аралық комиссияның биринши мәжилиси ҳәм бизнес форумы нәтийжели өтти. Октябрь айында Ташкент қаласында Қатар мәденият ҳәптелиги илажлары табыслы шөлкемлестирилди.
Қатардың жетекши компанияларының қатнасыўында энергетика, транспорт ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа әҳмийетли бағдарларда инвестиция жойбарлары әмелге асырылмақта.
Пайтахтлар арасында турақлы тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылғаны өз-ара туристлер ағымын арттырыўға хызмет етпекте.
Сәўбет даўамында мәмлекет басшылары 2025-жылы болажақ исбилерменлер режесине, соның менен бир қатарда «Орайлық Азия – Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» қарым-қатнасының екинши саммитин өткериўге айрықша итибар қаратты.
Халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА