Миллий сертификат имтиханы ушын руқсатнамалар жәрияланды

240

Миллий сертификат имтиханы ушын руқсатнамалар жәрияланды, деп хабар бермекте Билимди баҳалаў агентлиги мәлимлеме хызмети.

Оған бола, быйылғы жылдың 21-22-декабрь (шемби-екшемби) күнлери ана (өзбек, қарақалпақ, рус) тили ҳәм әдебияты пәнлеринен миллий сертификат имтиханы болып өтеди. Тест сынағында қатнасатуғын талабанлар руқсатнаманы my.gov.uz сайтының «Мениң арзаларым» бөлиминен алыўы мүмкин.

Бул руқсатнамада талабанлар қашан, қай жерде тест сынағында қатнасатуғыны көрсетилген болып, олардан белгиленген ўақыттан кешикпеген ҳалда келиўи соралады.

Талабанлар тест сынағы өткерилетуғын имаратларға шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт ёки ID-карта) тийкарында 1-сменада 07:30 дан баслап (тест сынағы 09:00 де), 2-смена 13:00 ден баслап (тест сынағы 14:30да) киргизиледи.

Атап өтилиўинше, тест сынағынан кешиккен яки келмеген талабанлар ушын қосымша имтихан өткерилмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги