Қазақстан, Әзербайжан, Россия, Иран ҳәм Түркменстан Каспий теңизиниң ҳуқықый статусы бойынша келисимге қол қойды, деп хабар бермекте интернет каналларында.

Қазақстаннық Ақтаў қаласында өткерилген V Каспий мәмлекетлери басшылары ушырасыўында Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев, Россия басшысы Владимир Путин, Әзбербайжан Республикасы Прензиденти Илҳам Алиев, Иран Президенти Ҳасан Руҳаний ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов қатнасты.

Мәжилисте Каспий мәмлекетлеринде экономика, транспорт, логистика, қоршаған орталық ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў мәселелери додаланып, Каспий теңизиниң ҳуқықый статусы бойынша келисимге қол қойылды.

Конвенцияға бола, ҳәр бир мәмлекет теңизде 15 теңиз милинен үлкен болмаған өзине тийисли аймақты белгилеп алады. Суў асты бөлеги де еллер арасында бөлип алынады. Суўдың үстиңги бөлегинен болса, ҳәмме бирдей пайдаланыўы мүмкин.

Саммитте Каспий теңизи резервлеринен өнимли пайдаланыўға, сондай-ақ, усы аймақта әскерий ҳәрекетлер әмелге асырылмаўына келисип алынды.

Буннан тысқары, саммитте терроризмге қарсы гүресиў, қәўипсизликти тәмийинлеў, шегара аймақларында турақлылықты сақлаў да додаланды.

Иран, Россия, Әзербайжан, Түркменстан ҳәм Қазақстан 1996-жылдан берли Каспий теңизинен өз үлесин алыў бойынша сөйлесиўлер өткерип атырған еди.

Соны да айрықша атап өтиў керек, Каспий теңизи 50 миллиард баррель нефть ҳәм 9 триллион метр куб газ резервине ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги