Нөкис қаласында мектеп оқыўшылары арасында «Ҳуқықый-ағартыўшылық билимданы» дөретиўшилик таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Таңлаўға республикамыздың барлық аймақларынан ең билимли ҳәм күшли командалар қатнасты ҳәм белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести.
Өсип киятырған жас әўлад санасына ҳуқық ҳәм миннет, ҳадаллық ҳәм пәклик түсиниклерин, әдеп-икрамлылық нормаларын терең сиңдирип барыў, Конституцияның әҳмийетин оқыўшыларға балалығынан баслап үйретиў, саламат турмыс тәризи көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде өткерилген таңлаў соңында, Тахтакөпир районындағы 3-санлы мектептиң «Қалқан» командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, буннан соңғы сыйлы орынлар Нөкис қаласындағы 31-санлы мектептиң «Юстиция» ҳәм Қанлыкөл районындағы 18-санлы мектептиң «Әдалат» командаларына несип етти.
Өткерилген илаж жуўмағында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланып, Тахтакөпир районы 3-санлы мектептиң «Қалқан» командасына таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы