Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Президентимиздиң тапсырмасы менен Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы тәрепинен республикамызда әмелге асырылып атырған «Самал электр станциясын шөлкемлестириў» жойбарының Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында қурылып атырған «Нөкис-1» жойбарын барып көрди.
Улыўма баҳасы 107 млн. доллар, қуўатлылығы 100 Мегаватт болған жойбар шеңберинде ҳәр бириниң қуўатлылығы 6,5 Мегаватт болған 16 самал турбина генераторлары қурылады.
Бүгинги күнде 3 турбина толық қурып питкерилген, сондай-ақ, 1 турбинаның қурылысы жақын күнлерде жуўмақланады. Тийкарғысы жойбарды әмелге асырыўда 150 ден аслам жергиликли пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленген.
“Нөкис-1” жойбары толық иске түсиўи нәтийжесинде ҳәр жылы 350 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады, орташа 100 млн. куб тәбийғый газ үнемленеди, ҳаўаға 180 мың тонна карбонат андигрид газы шығындыларының тарқалыўы азаяды.
Буннан тысқары, Қараөзек районы «Қойбақ» АПЖ аймағында улыўма баҳасы 220 млн. долларлық және бир «Нөкис-2» жойбары да әмелге асырылып, 26 самал турбина генераторлары қурылады. Жойбардың қурылыс жумысларында 200 ден аслам жергиликли пуқараның бәнтлиги тәмийинлениўи режелестирилген ҳәм иске түсирилгеннен кейин ҳәр жылы 794 млн. киловат/саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына имканият жаратылады. Буннан тысқары, “ACWA Power” компаниясының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 2000 мегаваттлық самал электр станциясын қурыў бойынша және 4 жойбардың әмелге асырылыўы да белгиленген.
Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев қурылыс майданында әмелге асырылып атырған жумыслар, қурылысшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм бул мега жойбарлардың иске түсирилиўи Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарының нәтийжеси екенлигин атап өтти.
Өз гезегинде кең жәмийетшилигимиз ҳәм нураныйларымыз, бурын болмаған бул жаңа жойбардың турмысқа енгизилиўинде қол-қанат болып атырған мәмлекетимиз басшысынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги