“Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен  Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Мәртебең бәлент болсын,  ана тилим» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Салтанатлы байрам кешесин филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Р.Хайдаров кирис сөз бенен ашты ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей қарақалпақ тили – қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, неше мың жыллар даўамында өзиниң қәдирин жойтпай, бизлерге шекем жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады. Ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳәр бир елдиң раўажланыў басқышлары ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады. Сонлықтан, ҳәр бир өсип киятырған әўлад ана тилин қәстерлеўи, оның келешек әўладқа сап ҳалында жетип барыўын тәмийинлеўи керек.

Көтериңки дәрежеде болып өткен байрам кешеси филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги