Қарақалпақстанда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында нәл егиў, бағлар, жасыл белбеўлер жаратыў жумыслары кең көлемде алып барылмақта.
Жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының басламасы менен Нөкис қаласының «Шадлы аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1,5 гектар пайдаланылмай атырған жер майданы өзлестирилип, егиўге тайын жағдайға келтирилди.
Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиевтиң басшылығында өзлестирилген жерге прокуратура хызметкерлери 500 ден артық мийўели ҳәм саяманлы нәллерди екти. Сондай-ақ, барлық аймақлық прокуратуралар тәрепинен де 3 мыңға шамалас мийўели ҳәм саяманлы нәл егиў жумыслары жәмлескенлик пенен алып барылып, бағлар, жасыл белбеўлер жаратылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги