Конституция күни байрамы мүнәсибети менен:

7-декабрь, шемби – ҳәптесине 6 күн ислейтуғынлар ушын жумыс күни, 5 күнликлер ушын дем алыс күни;

8-декабрь, екшемби – байрам күни, ҳәммеге дем алыс күни;

9-декабрь, дүйшемби – ҳәммеге қосымша деп алыс күни.

14-декабрь (шемби) – жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан барлық хызметкерлер ушын жумыс күни.

Жаңа жыл байрамында:

28-декабрь, шемби – ҳәптесине 6 күн ислейтуғынлар ушын жумыс күни, 5 күнликлер ушын әдеттегидей дем алыс күни;

29-декабрь, екшемби – ҳәмме ушын әдеттегидей дем алыс күни;

30-декабрь, дүйшемби – 6 күнликлер ушын қосымша дем алыс күни, 5  күнликлер ушын 14-декабрь – шемби күнинен көширилген дем алыс күни.

31-декабрь, сийшемби – Президент пәрманы тийкарында барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

1-январь, сәршемби – Жаңа жыл байрамы, дем алыс күни.

Қарақалпақстан хабар агентлиги