Қарақалпақстан Республикасындағы жас исбилерменлер арасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен «Мениң Конституциям» викторинасы өткерилди.
Викторинада, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Г.Реджепова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жас исбилерменлерди Конституциямыздың 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, викторина даўамында олардың бас нызамымыздан қаншелли дәрежеде хабарлылығын бақлап барды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң ғәрезсизлиги, халқымыздың миллий мәплери, тыныш турмысы тәмийинленип атырғанлығы, ҳәр биримиз өз тәғдиримизди өзимиз белгилеў ҳуқықына ийе болғанлығымыз, әўладларға үлги болатуғын уллы ислердиң әмелге асырылып атырғаны, бул ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратып атырған тийкарғы күш – әлбетте Конституция.
– Викторина қызықлы өтти ҳәм Конституциямызды еле де терең өзлестириўге ҳәр биримизге жәрдем берди. Ҳәр бир бөлим, ҳәр бир бап ҳәм әлбетте, ҳәр бир статьяларды есимизге түсирип, кәсиплеслеримиз бенен ўақытларымызды мазмунлы өткердик,-дейди исбилермен Д.Ешниязова. – Себеп пенен сәўбетлесип, өз-ара пикир алмастық.
Викторинада жеңимпаз болған жас исбилерменлер хошаметленип барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги