«Балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын информациядан қорғаў ҳаққында»ғы нызамның орынланыўын мониторинг етиў бойынша Балалар омбудсманы басшылығындағы уйымлараралық жумысшы топар жумыс ислемекте.
Жумысшы топардың қурамында Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм психологиялық-педагогикалық республикалық диагноз қойыў орайы ҳәм Балалар шөлкеминиң ўәкиллери жумыс ислемекте.
Жумысшы топардың гезектеги мәжилисинде республикамызда балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын мәлимлемеден қорғаўдың реал жағдайы ҳәм бул бағдардағы жуўапкер мәмлекетлик уйымлары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар додаланды.
Атап айтқанда, 7 жастан 16 жасқа шекемги 16 мың оқыўшы арасында өткерилген сораўда ҳәр 10 баладан сегизи тиккелей өз ўйинде интернетке қосылыўын билдирген.
Сондай-ақ, быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен нызам талаплары бузылған мәлимлемелерди сапластырыў талабы менен 606 хабар жиберилген.
Усы бағдарда 5 мың 250 мәлимлеме ресурсының идентификация мағлыўматлары қадаған етилген хабар бар болған жер жүзлик Интернет тармағының мәлимлеме ресурслары реестрине киргизилгени билдирилди.
Мәжилистиң жуўмағында бул тараўдағы бар машқалаларды шешиў ҳәм нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар алға қойылды.
Жумысшы топар өз жумысын даўам еттирмекте.
Н.Абдураимова, ӨзА