Усыныс

Өткен бабаларымыз ҳаққында тарийхий шығармалар жазыў, олардың ели-халқы ушын көркем фильмлер дөретиў бабаларымыз руўхын шад етиў менен бирге оларды келешек әўладқа таныстырып барыўшы өшпес естелик болып табылады.

Бабамыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы хүрметине Президент қарары менен жаратылған фильм әйне усы талаптың орынланғанына мысал бола алады.

Фильмниң экранға шығыўын халқымыз байрам сыпатында күтип алды. Ташкент қаласындағы 2400 тамашагөйге мөлшерленген кино сарайына тамашагөй сыймай қалды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қатнасып, кино ҳаққында толқынланып айтқан сөзлери фильмге сиясий түс берди ҳәм сценарий автор сыпатында менде миннетдаршылық сезимин оятты.

Әжинияз ҳаққында бул жаратылған екинши фильм еди. 2019-жылы “Зийўар” атлы көркем фильм сүўретке алынды. Еки фильм бирин бири толықтырды.

2002-жылы ЮНЕСКО шеңберинде қазақ жазыўшысы Ғәбит Мүсиреповтың 100 жыллық мерекеси өтти. Оған Өзбекстаннан Насыр Фазылов ҳәм мен қатнастым. Сонда Насыр Фазылов сөз алып: Ғәбит Мүсирепов пенен заманлас, теңдей қәлем тартып келген, қалаберди, бир домда, бир этажда есиклери бир-бирине қараған Ғәбиттен Мустафин деген жазыўшы ағамыз бар еди. Бүгин оның руўхы шоршып оянып, “әўладларым, мени умытып кеттиңиз ғо” деп атырған шығар. Илажы болса оның да ҳүрметин жайына қойыңлар, деди.

Сол жерде ел басшылары буған ўәде берди.

“Әжинияз” фильминиң даўрығы жер жарып атырған ўақытта мениң қыялымнан жоқарыдағы ўақыялар өтти ҳәм бабамыз Бердақ усы ҳалатқа түсип атырған жоқпа екен деген ойға барды.

Бир-еки жылдан Бердақтың туўылғанына да 200 жыл толады. Бирақ, биз оны күтип, мәмлекетке аўырлығымызды сала бермей буны өз күшимиз бенен ислеўге болмас па екен? Әлбетте, болады! Ата-бабамыз “Буннан жаманында да тойға барғанбыз” деп өз күнине шүкирлик еткен. Биз өтиў дәўириниң қыйыншылығын артта қалдырып, пәраўан жағдайға шығып алдық. Бәримиз бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етсек бабамыз Бердақ ҳаққында тез күнде көркем фильм жарата аламыз. Бул ушын тийкар бар. Менде Бердақ ҳаққындағы көркем фильмниң сценарийи таяр.

Егер Мексика, Түркия сериалларын көрген болсаңыз фильмниң изинде қайырқомлық еткен жигирмалаған фирмалардың атын көремиз. Ҳәзир өзимизде де бар миллиардер исбилерменлер. Буннан буяғы олардың азаматлығына, патриотлығына байланыслы.

 

Муратбай Нызанов.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы,

киносценарист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги