Президент Шавкат Мирзиёевтиң қарары менен Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайына жүкленген және бир әҳмийетли тапсырма әмелге асырылмақта. Быйыл 3-декабрь күни Миллий орайдың Инсан ҳуқықлары бойынша мәлимлеме-ресурс орайы тийкарында жаңа ағартыўшылық орайы – «Инсан ҳуқықлары үйи»ниң ашылыў мәресими болады.

«Инсан ҳуқықлары үйи»ниң ашылыўы еки әҳмийетли сәне шеңберинде өткерилмекте.

Булардан бири – 8-декабрьде белгиленетуғын Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн. Және бири Инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясы қабыл етилгени мүнәсибети менен пүткил жер жүзинде 10-декабрь – Инсан ҳуқықлары күни сыпатында тән алынған халықаралық сәнеге байланыслы.

Презентацияға 100 қатнасыўшы мирәт етилген. Соның ишинде, жумысы инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳуқықый нормаларды үгит-нәсиятлаў менен байланыслы болған халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллери, Өзбекстанда аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, мәмлекетлик уйымлардың қәнигелери, жетекши экспертлер, илим ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер болатуғыны күтилмекте.

Буннан тысқары, «Инсан ҳуқықлары үи»ниң ашылыўы илажын мәмлекетимиздиң барлық аймақлары орайларындағы китапханашылар онлайн бақлап барыў имканиятына ийе болады.

Беҳруз Худойбердиев, Аброр Содиқов, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА