Быйыл «Қарақалпақ тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 35 жыл толды.
Бул тарийхый ҳүжжеттиң қабыл етилиўи менен өткен жыллар даўамында мәмлекетлик тилимиз беккем ҳуқықый тийкарға ҳәм жоқары статусқа ийе болды. Усы нызамның қабыл етилиўи қарақалпақ тилин буннан былай да раўажландырыў, оның қолланыў шеңберин кеңейтиў, жасларымызды ана-Ўатан, ата-бабаларымыз қалдырған миллий мийрас ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаўдың айрықша бир көриниси болып табылады.
Тил бийлиги берилген тарийхый сәне мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында да байрам илажы болып өтти.
Кешеге депутатлар, район басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасары Р.Ережепов ҳәм басқалар қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, ана тилимиздиң бай тарийхы, өзине тән өзгешеликлери ҳәм соңғы жыллары тилимизди еледе қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында кең түрде мақтаныш пенен айтып өтти.
Буннан соң улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшыларға қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен сабақ берип, пән олимпиадалары ҳәм таңлаўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизип киятырған бир қатар үлгили муғаллимлерге район ҳәкимлиги ҳәм кәсиплик аўқамлары комитетиниң Ҳүрмет жарлықлары менен естелик саўғалары тапсырылды.
Байрам кешеси мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы