Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде «2025-жылы ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекет бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбары қызғын додаланды.

Фракция ағзалары бюджет дефицитин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен асырмаў, орта мүддетте тийкарғы салық ставкаларын өзгертпей сақлап қалыў, бюджет дәраматлары базасын кеңейтиў, берилген салық, бажыхана жеңилликлерин жемиси ҳәм берген нәтийжесине қайта көрип шығыў ҳәм басқышпа-басқыш бийкарлаў, ис ҳақы ҳәм пенсия муғдарларын инфляциядан кем болмаған муғдарда арттырып барыў менен байланыслы тийкарғы бағдарларды бирме-бир анализледи.

Сондай-ақ, партияның идея ҳәм мақсетлеринен келип шығып, билимлендириў-тәрбия, илим, мәденият ҳәм көркем өнердиң раўажланыўы, тарийхый естеликлерди қорғаў, туризм, сырт елде билим алып атырған жасларды ҳәм мийнет пенен бәнт болған заманласларымызды қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылып атырған қәрежетлерди және де көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Депутатлар бу бойынша өз пикирлерин, усынысларын билдирди. Атап айтқанда, бюджет жойбарында «Тири тарийх» фильмлер дүркинин жаратыў бағдарламасын әмелге асырыў ушын ажыратылған қәрежет муғдарының кемлиги, көркем ҳәўескерлик топарларының жумысын қоллап-қуўатлаў ушын болса пүткиллей қәрежет нәзерде тутылмағаны фракция ағзаларының кескин келиспеўшиликлерине себеп болды. Нызам басламашылары тәрепинен бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын биргеликтеги пул ажыратыў мәселеси қайта көрип шығылатуғын болды.

Сондай-ақ, депутатлар мәмлекет жеке меншик бирге ислесиў тийкарында жумыс алып барып атырған билимлендириў орынларына берилип атырған салық жеңилликлери ҳәм субсидиялардың нәтийжелилигине қызығып, жуўапкерлерден бул бойынша түсиник сорады.

 

М.Комилова, ӨзА