«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 100 жыллығы алдынан

Мен сѳз етпекши болған мақаланы елеспесиз ғана «Еркин Қарақалпақстан»ның бетлеринен» атлы айдар астында ядқа алса да болар еди, бирақ, газетаның 100 жыллығы қарсаңында оған сәл тоқтап ѳтиў артық болмайды деп ойладым.

«Еркин Қарақалпақстын»ның 1991-жыл 4-сентябрьдеги №171(15840) санында «Газетаның аты ѳзгерер ме екен?» атлы кѳлеми кишкене ғана мақала жәрияланған ҳәм онда айтылған пикир республикамыздың бас газетасының тарийхына мѳрленген.

Жазыўшы Муратбай Нызанов жоқарыда аты аталған мақаласында былай депти (пикирлер тийкарлы ҳәм республикамыздың сол ўақыттағы сиясий турмысына қатнасы болғаны ушын ѳзи қысқа мақаланы қысқартпастан алдым):

«Ѳзбекстан Республикасы усы жыл 31-август күни ѳз ғәрезсизлигин жәриялады. Соның ушын да республиканың атамасынан Совет Социалистлик деген сѳз алып тасланды. Қарақалпақстанда социалистлик деген сѳз ѳткен жылы-ақ түсип қалған еди. Мине, енди совет сѳзин де алып таслайтуғын ўақыт жетти. Себеби, биз Ѳзбекстанның ғәрезсизлигине тийкарланып айтсақ, 1991-жыл 1-сентябрьден баслап совет мәмлекетиниң қурамында емеспиз деп түсиниўимизге туўра келеди.

Демек, бир республиканың атамасындағы «совет» сѳзи түсип қалғаннан кейин оның бирден-бир газетасының да аты ѳзгериўи керек шығар. Еки күннен бери мен «енди газетаның аты қандай болыўы керек?» деген мәселеде бас қатырдым. Басқалардың қалай ойлайтуғынын билмеймен, тәнҳа ѳзимниң пикирим-газетаның  дүзилген ўақыттағы ески атына қайтқанын мақул кѳремен.

Газета ѳзиниң шѳлкемлескен жылларында «Еркин қарақалпақ» деп аталған, биз соған «стан»ды қосып, «Еркин Қарақалпақстан» деп атасақ жақсы болмас па еди?

Бул атама арқалы биз тек ѳзимиздиң кѳмешимизге күл тартпай, республикамызда жасап атырған 96 миллеттиң мәпин теңдей қорғар едик. Ең баслысы газета атамасындағы «еркин» сѳзи республикамыздың ғәрезсизлигин мудамы еске салып турар еди.

Мениңше газетаның атамасы ҳаққында ғалаба халықлық додалаў жүргизиўге ерте емес». Сол дәўирде газетаның бас редакторы Шарап Уснатдинов болған. «Бул мәселеде басқа қандай ойласықлар болды?» деген сораў менен Муратбай Нызановтың ѳзине қоңыраў еттим.

-Шарап аға бир адамның пикири менен дәрҳал шешим қабыллайтуғынлардан емес еди,-деди Муратбай аға.-Керек болса, ѳзи сол дѳгеректеги пикир бере алады деп есаплаған тараў белсендилериниң жумыс ханаларына кирип «усынысыңыз болса, бериң» деп жүргенинен  хабарым бар. Газетаның атамасын қойыў тар шеңберде ойласылмады. Мен бул жерде басқалардың мынадай пикири бар еди дегим келмейди. Усыныс етилген кѳп пикирлер арасынан мениң усынысым-«Еркин Қарақалпақстан» атамасы мақул деп табылды.

Арадан кѳп ўақыт ѳтпей «Жас ленинши» газетасының атамасын ѳзгертиў бойынша  усыныс соралды. Бул мәселеде де бираз пикирлер ортаға тасланды. Мен «Қарақалпақстан жаслары» деген атаманы усыныс еттим…

Демек, тек «Еркин Қарақалпақстан»ның ғана емес, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының тарийхында да жазыўшы Муратбай Нызановтың орны бар деп екиленбестен айта аламыз.

                                                            Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА,

            Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист,

Қарақалпақстан хабар агентлиги