Елимизде халықтың турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Буның тастыйығы сыпатында, әсиресе, соңғы жылларда жәрдемге мүтәж инсанларға материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдем көрсетиў мақсетинде республикамыздағы меҳир ҳәрекети шеңберинде әмелге асырылған илажларды атап өтсек болады.
Ҳәзирги ўақытта Шоманай районындағы Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Манзура Қалбаеваның турақ жайының төбеси жергиликли бюджеттиң қаржылары есабынан шифрланбақта. Бул жумыслар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары тийкарында әмелге асырылмақта.
М.Қалбаева бурын жаўын ямаса қар жаўған ўақытларында жайының төбесинен суў өтип, қыйналғанын айтып берди. Енди турақ жайының төбеси шифрланып атырғанынан қуўанышы шексиз.
– Көп жыллардан берли жайымның басында шифр жоқ еди. Жайымыздың төбесинен жаўын өтип, әбигер болып қалатуғын едик. Мине, енди қурылыс материаллары алып келинип, жайымыз шифрланып атыр. Берген жәрдеми ушын Президентимизге, район басшыларына өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен. Көп-көп рахмет, енди жаўынлы күнлерден қорықпаймыз,-дейди М.Қалбаева.
Әлбетте, бундай басламалар халқымыздың турмыс шараятын жақсылаўға ҳәм олардың абаданлығын арттырыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли есапланады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги