Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер, мәлимлеме хызмети тараўы қәнигелери ушын баспа сөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Конференцияда филиал директорының емлеў ислери бойынша орынбасары Н.Палуаниязов орай тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелери ҳақкында мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, филиал тәрепинен денсаўлықты сақлаў системасын реформалаў, емлеў профилактикалық мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм халықтың денсаўлығын сақлаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде филиалдың бөлимлериниң саны 6, орынлар саны 160қа жетти.
Филиалда диагностикалық, емлеў ҳәм профилактикалық жумысларыныӊ көлеми кеӊейтилди, жаӊадан лабораториялық тексериў усыллары енгизилип, жаӊа, заманагөй клиникалық бөлимлер ашылды.
Филиалда паллиатив жәрдем, улыўма онкология, химия терапия, ҳаял-қызлар репродуктив ағзалары, радиотерапия, торакоабдоминал хурургия, реанимация бөлимлери хызмет көрсетип атыр. Быйылғы жыл басынан усы күнге шекем хирургиялық бөлимлерде 100ден аслам жоқары технологиялык операцияларды Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайы, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерден келген тәжирийбели профессор-шыпакерлер менен биргеликте исленип тәжирийбе арттырылды. Кейинги басқыштағы операциялар филиал қәнигелери тәрепинен әмелге асырылмақта.
Филиалдын раўажланыўы оныӊ материаллық-техникалық базасыныӊ беккемлениўи ҳәм барлық бөлимлердиӊ заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи, жоқары маманлықтағы илимий кадрларды ҳәм онколог-шыпакерлерин таярлаў менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Филиал қәнигелери халықаралық илимий конференцияларда белсенди қатнасып келмекте. Кейинги жылларда филиалдыӊ онколог қәнигелери Россия, Германия ҳәм басқа да мәмлекетлердиӊ жетекши қәнигелери менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта. Телемедицинаныӊ раўажланыўы да медицинаныӊ жаӊадан қолға киргизген жетискенликлериниӊ бири болып есапланады.
Конференцияда қатнасыўшылар филиалда жумыс ислеўши шыпакер-қәнигелер ҳәм көриниўге келген пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги