Бажыханада ҳәр пийшемби – коррупцияға қарсы гүресиў бойынша профилактикалық илажлар күни. Бажыхана шегара постлары арқалы ҳәрекетленип атырған барлық пуқараларға профилактикалық илажлар өткерилип, бажыхана тараўына тийисли нызам менен белгиленген тәртип-қағыйдалар туўралы мағлыўматлар бериледи.
“Даўыт ата” шегара бажыхана постында пуқаралар менен болып өткен гезектеги сәўбетлесиўлер де усы мәселелерге бағышланды.
Илажда бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм қадағалаўы қағыйдаларына қатаң әмел етиў, нызамсыз түрде товарларды бажыхана шегара постлары арқалы алып өтиўге урынбаў ҳәм ҳеш қашан бажыхана хызметкерлерине “пара” усыныс етпеў кереклиги бойынша түсиниклер берилди.
Коррупцияға қарсы тек ғана биргеликте гүресе аламыз. Сонлықтан, шегара посты арқалы өтиўши жолаўшыларға бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм қадағалаўы процесслеринде бажыхана хызметкерлердиң нызамға қарсы ис-ҳәрекетлери, материаллық мәпдар болыў жағдайларына дус келинсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерлерине коңыраў етиўи ескертилип, буклетлар тарқатылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги