Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни әмелий жумыслар менен мәмлекетимизде болып турған Россия Федерациясы Бас прокуроры Игорь Красновти қабыл етти.

Еки тәреплеме кеӊ көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге  муӯапық раӯажландырыӯ мәселелери көрип шығылды.

Терроризм, экстремизм, кибержынаятлар, коррупция ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиӯ тараӯларында, жыныйый активлерди қайтарыӯ, жасалма интеллектти енгизиӯ ҳәм санластырыӯ бағдарында бас прокуратуралар арасындағы бирге ислесиӯдиӊ әмелий тәреплери додаланды.

Мәмлекетлеримизде прокуратура уйымлары арасында жақын қарым-қатнасты жолға қойыӯ, өз-ара байланыс ҳәм алмасыӯларды кеӊейтиӯ, биргеликтеги илажлар өткериӯ зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА