Россия президенти Владимир Путин Арқа Кореяға 70 ден аслам ҳайўанды саўға етти.

Айтылыўынша, РФ тәбият ресурслары ҳәм экология министри Александр Козлов саўғаны Пхеньян орайлық ҳайўанат бағына тапсырған. Атап айтқанда, Москва ҳайўанат бағында сақланып атырған африка арысланы, еки қоңыр айыў, еки бас қолға үйретилген як, бес ақ какаду, ҳәр түрдеги 25 дана қырғаўыл ҳәм 40 мандарин-үйрек КХДР пайтахтына жеткерилген.

Москва ҳайўанат бағы 2004-жылы Пхеньянды қуслар: бүргит, беркут, тырна ҳәм тотықуслар менен тәмийинлеген еди. Россия Арқа Кореяға сүт емизиўши жабайы ҳайўанларды биринши мәртебе жеткерип бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги