«Euronews» телеканалының сайтында мәмлекетимиздиң мәдений турмысына байланыслы дүркин мақалалар жәрияланды. Бул ҳаққында Ислам цивилизациясы орайы хабар берген. Атап айтқанда, «Өзбекстандағы жедел реформалар дүнья итибарын тартпақта» (Uzbekistan’s Bold Reforms Spark Global Interest) атамасындағы мақалада Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар жәмийетти пүткиллей өзгертип жибергени, мәмлекеттиң халықаралық майданға шығыўы дүнья жәмийетшилигинде елимизге болған қызығыўшылықтың күн сайын артып атырғаны сәўлелендирилген. Автор өз таллаўын усылай баслайды:

– Шавкат Мирзиёев  2016-жыл президентликке сайланғаннан соң, республикада демократластырыў, экономикалық раўажланыў ҳәм глобал бирге ислесиўге бағдарланған кең көлемли реформалар басланды. Бул процессти өткен жыл улыўма  халықлық референдум арқалы жаңа редакциядағы Конституцияның қабыл етилиўи менен және де беккемленди. Өзгерислерде барлық пуқаралардың пикир-усыныслары инабатқа алынып, мәмлекеттиң жаңа раўажланыў басқышына өтиўи жеделлести.

Бул мақала бир ай алдын Турақлы раўажланыў орайы ҳәм Ислам цивилизациясы орайы менен биргеликте Ташкентте шөлкемлестирилген Халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелигиниң тәсирлери тийкарында жазылған. «Euronews» материалында ҳәптелик ҳаққында да жыллы сөзлерди оқыў мүмкин:

Өзбекстанның дүньяға ашықлығы белгиси сыпатында көринген әнжуманда сиясий, социаллық, мәдений, дипломатиялық ҳәм экономикалық тараўларда жумыс алып барып атырған халықаралық экспертлер, соның ишинде Уллы Британия Лордлар палатасының ағзалары ҳәм белгили дипломатлар да қатнасты.

«Өзбекстанда Жипек жолы бойлап поездта саяхат етиң: Самарқанд тарийхынан Бухара мийрасына шекем» атамасындағы арнаўлы 5 минутлық видеокөринис де көпшиликте қызығыўшылық пайда етпекте. Тамашагөйди еки ески өзбек қаласы бай тарийхы менен таныстыратуғын бул видео өнимде әййемги археологиялық естеликлер жайласқан дәргайлар, атап айтқанда, Боғизоғондағы әййемги шарап таярлаў дәстүри ашып берилген.

«Euronews» тәрепинен белгили өзбек аспазлығы өнерине бағышлап таярланған «Дегустация дәстүрлери: Өзбекстанда гастрономиялық туризм» атамасындағы мақала арқалы болса пүткил дүнья туристлери мәмлекетимиздиң аспазлық дәстүрлеринен хабардар болыў имканиятына ийе болған.

Белгили өзбек тағамлары ҳаққында улыўма мағлыўмат берилген бағдарлама, соның ишинде, миллий қәдириятымызға айланған, ҳәр бир аймақта өзине тән усылда таярланатуғын палаў ҳаққында толық сөз етилген.

«Euronews»тиң және бир мақаласында әсирлер даўамында усы күнге шекем жетип келген әййемги көркем өнеримиз – пиллешилик ҳаққында сөз болады. «Unraveling the art of silk production in Uzbekistan» – «Өзбекстанда пиллешилик көркем өнерин ашыў» атамасы менен берилген материал оқыўшыны елимиздиң таныстырыў қағазы болып қалған жипек ислеп шығарыў менен байланыслы дәстүрий усыллардан хабардар етеди.

Өзбекстанда креатив экономиканы раўажландырыў, мәдений мийрасты үгит-нәсиятлаў, халықаралық конференция ҳәм форумлар шөлкемлестириў бағдарындағы жетискенликлер де белгили телеканал итибарынан шетте қалмаған. Мәселен, «Глобал креативлик келешегин қәлиплестириў – Өзбекстан креатив экономика бойынша Жәҳән конференциясын өткермекте» атамасындағы мақаладан үлкемизде креатив секторды раўажландырыў перспективасына байланыслы мағлыўматлар орын алған.

«Өзбекстан мийрасы: Самарқанд конгресси Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайын тән алады» ҳәм «Халықаралық илимпазлар Өзбекстанның мәдений ояныўы себепли жыйналды» сыяқлы бир қатар видео репортажлар болса республикамыздың мәдений тиклениў тараўындағы ҳәрекетлери халықаралық көлемде тән алыныўына бағышланған.

Ислам цивилизациясы орайының мағлыўмат бериўинше, жәмийет уллы ата-бабаларымыздың жәҳән цивилизациясы ғәзийнесине қосқан бийбаҳа үлесин пүткил дүньяға таныстырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

«Бундай басламалар да жақын күнлерде «3749n32!»да эфирге жибериледи. Күни кеше телеканал Ислам цивилизациясы орайы Мәденият министрлиги ҳәм Мәдений мийрас агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген Мәдений мийрас ҳәптелиги ҳаққында арнаўлы репортажды көрсетти. Бул бағдарлама Өзбекстанның әжайып тарийхы, мәдений дәстүрлери, сийрек гезлесетуғын мийрасын дүнья бойлап үгит-нәсиятлаўға қаратылған»,-делинеди хабарда.

Шерали Отабоев, ӨзА