Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен Америка Қурама Штатлары тынышлық институты (USIP) ҳәм «DIALOG» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте «Жәмийетшиликлер дәрежесинде, гендерге сезгирлик қатнасы тийкарында реабилитация, реинтеграция процесин әмелге асырыў ушын миллий ҳәм жергиликли дәрежедеги мәпдар тәреплер потенциалын арттырыў» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. Илажда конфликтли аймақлардан қайтарылғанлар, әсиресе, ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселеси додаланды.
Қатнасыўшылар тийкарғы итибарды психологиялық, социаллық ҳәм экономикалық реинтеграцияға қаратып, кофликтли аймақлардан қайтарылған ҳаял-қызлар, балаларды қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли қатнас жасап ҳәм алдынғы тәжирийбеге мүрәжат етти. Атап айтқанда, Сирия ҳәм Ирактан репатриация етилгенлерге және де нәтийжели жәрдем бериў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлектелик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Президентимиздиң тапсырмасына бола, «Меҳр» инсаныйлық операциясы шеңберинде «ыссы ноқатлар»дан алып келинген ҳаял-қызларҳәм балалар мәмлекетлик, жәмийетлик шөлкмлер, мийримли пуқараларымыздың жәрдеминде жәмийетте өз орнын таўып атырғаны қуўанарлы, – дейди Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпибаева. – Мийримге зар бул инсанлар барлық қолайлықлар жаратылған саламатландырыў мәкемесине жайластырылып, ыссы аўқат, кийим-кеншек ҳәм басқа зәрүр қураллар менен тәмийинленди. Оларға мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң қәнигелери тәрепинен медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетилди. Балалар мектепке шекемги билим бериў мәкемелери, улыўма билимлендириў мектеплерине, ҳаял-қызлар болса жумысқа жайластырылды. Бир сөз бенен айтқанда, саламат, тыныш турмысқа қайтыў, жәмийетке толық бейимлесиў ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Сондай-ақ, шахсты тастыйықлайтуғын – паспорт, туўылғанлық ҳаққындағы гуўалық ҳәм басқа ҳүжжетлерди рәсмйилестириў бойынша да тийисли жумыслар әмелге асырылды.
Улыўма , Жақын Шығыста, урыс жүз берип атырған аймақлардағы лагерьлерде услап турылған ўатанласларымызды қайтарыў илажлары арнаўлы хызметлер тәрепинен турақлы түрде алып барылмақта.
Дөгерек сәўбети Реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаўда гендерге сезгирлик процесстиң регионаллық тендециялары ҳәм перспективасы, АҚШ тынышлық институты қаржы жәрдеминде Наманганда, Самарқандта ҳәм Фергана ўәлаятларында әмелге асырылған жойбар тәжирийбеси ҳәм аналитикалық жумыслар презентациясы, Конфликтли аймақлардан қайтарылған балалар ҳәм шаңарақлардың реинтеграциясы, әззи категориядағы шахслардың имканиятын кеңейтиўге жәрдем бериў, Сирия ҳәм Ирактан қайтарылған ҳаял-қызларҳәм балаларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаўда табыслы нәтийжеге ерисиў мақсетинде ислеп шығылатуғын «Жол картасы»на усыныслар бериў темаларын қамтып алды.
-Жойбарда сырт елли шерик сыпатында қатнасып атырғанымыздан қанаатланамыз, – USIP деди ўәкили Бармак Бажвак. – Конгресс тәрепинен тийкар салынған шөлкемимиз конфликтсиз дүнья глобал қәўипсизлик ушын оғада әҳмийетли, деген идеяны үгит-нәсиятлайтуғын миллий, партиясыз, ғәрезсиз институт. Биз конфликтли регионларда зорлыққа тийкарланған келиспеўшиликлердиң алдын алыў, жағдайды жумсартыў ҳәм шешиўде жергиликли шериклерге жәрдем беремиз. Миссиямызды изертлеў, сиясат, оқыў, таллаў ҳәм тикеллей ҳәрекетлерди өз-ара байланыстырыў арқалы әмелге асырамыз, тыныш, инклюзив дүнья қурыўға умтылып атырғанларды қоллап-қуўатлаймыз.
Илаж даўамында Ирак, Аўғанстан ҳәм Сириядан қайтарылған ҳаял-қызлар ҳәм балаларға социаллық, руўхый жәрдем көрсетиў бойынша хызмет көрсетиўшилер потенциалын арттырыўды нәзерде тутатуғын жойбар да көрип шығылды. Себеби, 2023-жыл ноябрь айында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жанындағы оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм психологиялық-педагогикалық Республика орайы ҳәм «Dialog» ННт усы басламаны әмелге асырыў бойынша сөйлесиў алып барған. Биргеликте ислеп шығылған «Жол картасы» да тасыйықланған.
Ҳәзирги процессте Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети және диагноз орайы жәрдеминде жойбардың мақсетти түсиндириў, ўазыйпаларды белгилеў, жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жергиликли ҳәкимият, мәмлекетлик уйымлар, ҳаял-қызлар белсендилери , меткеп психологлары менен орынларда ушырасыўлар шөлкемлестирилгени атап өтилди.
Муҳаррама Пирматова, Ойбек Пардаев (сүўрет), ӨзА