«InnoWeek-2024» халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги шеңберинде Өзбекстан-Қытай биринши жаслар инновациялық форумы өткерилди.

Форумда Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Отабек Маҳкамов, Қытай Халық Республикасының ўәкиллери, жас илимпазлар ҳәм қәбилетли жаслар қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген Атабек Маҳкамов глобал жойбарларды әмелге асырыўда қытайлы бирге ислесиўшилердиң роли ажыралмас болғанын айрықша атап өтти.

«Қытай сыяқлы мәмлекетлердиң табыслы моделлерин үйрениў ҳәм оларды өзлестириў арқалы биз билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм инновацияларды хошаметлеў стратегияларын әмелге асыра алдық. Халықаралық бирге ислесиўимиз, бағдарламаларымыздың орынланыўын тезлестириўге жәрдем берген жаңа технологиялар, методика ҳәм тәжирийбелерге жол ашты», деп атап өтти министр орынбасары.

Форум шеңберинде Қытай-Өзбекстан қатнасықлары мәмлекетлерде жаслардың инновациялық жумысы ушын жаратылған шараятлар ҳәм тараўдағы машқалалар бойынша додалаўлар болып өтти. Форумда Қытай халық республикасында 42 мың жас илимпазлар, исбилерменлер, стартапшылар ҳәм қәбилетли студентлер қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген Qualcomm Big Data компаниясының ўәкили Чен Хун Орайлық Азияның дүнья раўажланыўы ушын әҳмийетли регион екенин айрықша атап өтип, Өзбекстан ушын өз тараўларында керекли жәрдемди бериўге таяр екенин атап өтти.

«Биз де жаңа заманагөй Өзбекстан ушын қолымыздан келген барлық жумысларды ислеўге таярмыз. Усы жазда компания санлы экономика, үлкен мағлыўматлар, Cloud хызметлери, экономикалық изертлеўлер ҳәм базар анализлери арқалы Орайлық Азия базарларын раўажландырыўды режелестирмекте. Интернет технологиялары ҳәм түрли төлем вариантларының раўажланыўы себепли усы жойбар базарға, жәмийетке хызмет етиў, денсаўлықты сақлаў  тараўын раўажланылырў ҳәм айрықша жағдайларда жәрдем бериўге қаратылған» деп жойбар ҳаққында пиикр билдирип өтти Чен Хунь.

Форум процесинде тема шеңберинде сораўлар ҳәм темалар ортаға тасланып, тараў қәнигелери қатнасыўында қызғын додалаўлар болды.

Форум жуўмағында ткейинги ушырасыў Қытай халық республикасында шөлкемлестирилетуғыны бойынша келисип алынды, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги