Жоқары  билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Шахрух Далиев ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA)ниң Шығыс ҳәм Орайлық Азия, Кавказ департаменти үлкен директорының орынбасары Сонояма Юка арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўде  «Санатты модернизациялаў ушын зәрүр болған жоқары маманлықтағы кадрлар базасын кеңейтиў» жойбарын әмелге асырыў бойынша перспективадағы реже ҳәм бирге ислесиў бағдарлары анықлап алынды.

Бирге ислесиўде усы жойбар тийкарында оқытыўшылар, изертлеўшилер потенциалын арттырыўға итибар қаратылады. Бул арқалы Өзбекстан санааты ушын зәрүр болған жетик инженер-техник кадрлар таярланады. Бунда япон тәжирийбесинен пайдаланған ҳалда басқа имканиятларды жақсылаў, кеңейтиў бойынша пикир алысылды.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында алып барылып атырған реформалар, Япония менен бул бағдардағы қатнасықлардың әҳмийети ҳаққында атап өтилди.

Кейинги  жылларда мәмлекетимизде кадрлар таярлаўда инженерлик , мәлимлеме технологиялары, машина қурылысы, архитектура, геология, энергетика сыяқлы тараўларды қамтып алыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.


Б.Худойбердиев, ӨзА