Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-ноябрь күни Баку қаласында өтип атырған БМШтың Климат өзгериўи бойынша (COP29) конференциясы шеңберинде Европа кеңеси баслығы Шарль Мишель, Финляндия Президенти Александр Стубб, Черногория Президенти Яков Милатович, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо, Ислам раўажланыў банки президенти Муҳаммад бин Сулайман ал-Жассир, Жасыл климат фонды атқарыўшы директоры Мафальда Дуэрте, Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият шөлкеминиң (ICESCO) бас директоры Салим ал-Малик, Глобал өзгерислер институты баслығы Тони Блэрди қабыл етти.

Европа кеңеси баслығы Шарль Мишель менен ушырасыўда мәмлекетимиздиң Европа Аўқамы менен көп тәреплемели бирге ислесиўин және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисимди тез ўақыт ишинде қабыллаў, сондай-ақ, «Орайлық Азия -Европа Аўқамы» форматындағы биринши саммитке таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.

Финляндия Президенти Александр Стубб пенен ушырасыўда көп тәреплемели Өзбекстан- Финляндия бирге ислесиўин раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Жедел сиясий ҳәм парламентлераралық байланыслар миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириў ушын металлургия, электротехника, химия, телекоммуникация ҳәм басқа тараўларда санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламасын таярлаў усыныс етилди.

Усыған бола, 2025-жыл январь айында Хельсинки қаласында болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм бизнес форумына пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Билимлендириў ҳәм экология тараўындағы алмасыўларды беккемлеў, соның ишинде, БМШтың Аралбойы ушын Траст басқармасы жумысында Финляндияның белсенди қатнасыў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Болатуғын жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режеси көрип шығылды.

Черногория Президенти Яков Милатович пенен ушырасыўда сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.

Экономикалық күн тәртибин ислеп шығыў ушын Ҳүкиметлераралық комиссия дүзиў ҳәм оның биринши мәжилисин келеси жылда Ташкент қаласында бизнес форумы менен биргеликте өткериў усыныс етилди.

Буннан тысқары, саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды қорғаў бойынша тийкарғы келисимлер таярланады, тийкарғы бағдарларда санаат кооперациясын раўажландырыўға байланыслы «жол картасы» ислеп шығылады.

Болатуғын жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режеси де көрип шығылды.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо менен ушырасыўда усы абырайлы халықаралық финанс институты менен кең көлемли бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Банктиң мәмлекетимизге инвестициялары 5 миллиард евродан артқаны айрықша миннетлдаршылық пенен атап өтилди. Усы көрсеткиш бойынша Өзбекстан банктиң регионымыздағы ең ири бирге ислесиўшиси болып есапланады.

ЕТРБның белсенди қатнасыўында банк секторын меншиклестириў илажлары әмелге асырылмақта, инвестициялар ҳәм жер асты қазылмаларынан пайдаланыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый база жетилистирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды таярлаў сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы бирге ислесиў стратегиясын әмелге асырыў ҳәм оны және де байытыў кереклиги атап өтилди. Энергетика нәтийжелилиги, киши ҳәм орта бизнес, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, социаллық тараў ҳәм инфраструктурада мәмлекетлик- жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, «жасыл» қалаларды раўажландырыў тараўларында жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларын әмелге асырыў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

Келеси жылы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисин таярлаў ҳәм өткериў бойынша да пикир алысты.

Ислам раўажланыў банки президенти Муҳаммад бин Сулайман ал-Жассир менен ушырасыўда усы жетекши халықаралық финанс институты менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Ислам раўажланыў банки менен шериклик жедел раўажланып атырғанын жоқары баҳалады. Усы жылдың март айында Ташкентте ислам дүньясының жетекши финанс институтлары қатнасыўында банктиң басшылығындағы Араб муўапықластырыў топарының мәжилиси табыслы өткерилди.

ИРБ менен жойбарлар портфели 4 миллиард доллардан артты, олардың 40 проценти жеке меншик секторға туўра келмекте.

Банк қатнасыўында шөлкемлестирилген Өзбекстанның экономикалық имканиятларын кеңейтиў бойынша биргеликтеги қор капиталы избе из қәлиплестирилмекте.

Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, инфраструктура, исбилерменлик, экология тараўларында жаңа жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, жеке меншик инвестицияларды бағдарлаў, банк системаларды жойбар жумысларына белсендилилик етиўге айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз санааты ҳәм таў-кән тармағындағы ири инвестиция жойбарларын қаржыландырыўда ИРБның қатнасыўы бойынша да пикир алысты.

Жасыл климат фондын атқарыўшы директоры Мафальда Дуэрте менен ушырасыўда климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Қор тәрепинен Өзбекстанның тийисли шөлкемлери потенциалын раўажландырыў ҳәм миллий бейимлесиў режелерин ислеп шығыўға жәрдем көрсетилип атырғаны жоқары баҳаланды.

Ҳәзирги күнде биргеликтеги жойбарлар портфели 160 миллион долларды шөлкемлестирип, суў ресурсларын басқарыў, «жасыл» энергетиканы раўажландырыў, «жасыл» қаржыландырыў ҳәм басқа бир қатар тийкарғы бағдарларды қамтып алған. Буннан тысқары, 5 миллиард долларлық еки регионаллық ҳәм 500 миллион долларлық үш милллий жойбар ислеп шығылмақта.

Инновациялық көклемзарластырыў ҳәм жерлерди турақлы басқарыў, Аралбойындағы социаллық-экологиялық жағдайды жақсылаў бағдарламаларын  әмелге асырыў арқалы шерикликти және де кеңейтиўге келисип алынды.

Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият шөлкеми (ICESCO) бас директоры Салим ал-Малик пенен ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм биргеликтеги гуманитарлық жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

ICESCO менен бирге ислесиў бойынша миллий комиссияны тез арада дүзиў кереклиги атап өтилди.

Глобал өзгерислер институты баслығы Тони Блэр менен ушырасыўда Өзбекстан –Британия қатнасықларын және де раўажландырыў перспективалары, сондай-ақ, Глобал өзгерислер институты менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.

Уллы Британияның алдыңғы бас министри Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламаларын жоқары баҳалап, оларды әмелге асырыўда экперт-мәсләҳәт жәрдемин усыныс етиўге таяр екенлигин билдирди.

Институт пенен биргеликте транспорт жолларын раўажландырыў, жаңа базарларға шығыў, халықаралық төлем системаларын енгизиў, инвестиция сиясаты нәтийжелилигин арттырыў ҳәм басқа тараўлар бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Шерикликтиң анық бағдарларын белгилеп алыў ушын тийисли уйымлар экспертлери дәрежесинде қосымша ушырасыўлар өткериўге келисип алынды.

ӨзА