Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Бәринен бурын, Әзербайжан Республикасы Жоқары мәртебели мырза Илҳам Әлиевти бүгинги тарийхый Конференцияны гөззал Баку қаласында жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени менен  қызғын қутлықлайман.

Биз Әзербайжанның заманагөй климат қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў жолында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша белсенди ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлаймыз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Климат өзгериўлери ҳәзирги күнде тийкарғы глобал қәўип-қәтерге айланып бармақта, геосиясий тартыслар күшейиўине тиккелей тәсир етпекте. Әсиресе, кәмбағаллыққа қарсы гүрес, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги, суў ҳәм ресурслардан пайдаланыў машқалаларын күшейтпекте.

Олардың белгилерин Орайлық Азияда айрықша сезинбектемиз. Климат машқалалары халқымыздың турмыс сапасын арттырыў ҳәм миллий раўажланыў стратегияларын жүзеге шығарыўда жаңа тосқынлыққа айланбақта.

Париж келисими шеңбериндеги бас мақсетимиз – регионда ҳаўа температурасының жедел өсиўине жол қоймаў ҳәм ағымдағы жүз жыллықта 1,5-2 градус әтирапында сақлап қалыў болып есапланады.

Бул бойынша биз Өзбекстанда углерод нейтраллығына ерисиў бойынша кең көлемдеги реформаларды исенимли алып барып атырмыз. 2030-жылға шекем ҳаўаға ыссыхана газлери шығарылыўын 35 процентке азайтыўды режелестиргенбиз. Бул мәжбүриятты 2050-жылға шекем кеңейтиўге таярмыз.

«Жасыл» энергетика үлесин 40 процентке шекем арттырамыз. Электромобиль ҳәм «жасыл» водород кластерлери, қуяш ҳәм самал генерация хабларын жаратып атырмыз. «Жасыл мәкан» бағдарламамыз шеңберинде аймақларды кескин көбейтип атырмыз.

Қоңсы мәмлекетлер менен Регионаллық климат стратегиясын турмысқа енгизбектемиз. Усы күнлери Европаға «жасыл» энергия жеткериў бойынша көп тәреплеме келисимге қол қоямыз.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Өзбекстан глобал климат өзгериўлери ақыбетлерин биргеликте сапластырыўда өзиниң әмелий үлесин кеңейтиў нийетинде.

Бириншиден, раўажланып атырған мәмлекетлерге климат қәўип-қәтерлерин анықлаў ушын жетекши мәмлекетлер ҳәм халықаралық институтлардың техникалық жәрдемин кеңейтиў әҳмийетли болып есапланады.

Бул бағдарда Климат себепли жоғалтыў ҳәм шығынларды баҳалаў бойынша халықаралық орай шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Екиншиден, трансшегаралық суў ресурслары патасланыўының алдын алыў ҳәм турақлы ҳәр түрлилигин сақлаўда бирден-бир қатнаслар зәрүр.

Регионымыз мысалында айтып өтпекшимен, бир әўлад көз алдында Арал теңизиниң пүткиллей жоқ болыўы планетамыз көлеминдеги апатшылыққа айланды. Усы орында биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигинде Дәрья экосистемаларының пүтинлиги ҳәм экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша миннетлемелер ҳаққындағы декларацияны ислеп шығыў тәрепдарымыз.

Үшиншиден, көп тәреплеме жетекши структуралар қатнасыўында өсимликлердиң климат өзгерислерине шыдамлылығын арттырыў ушын Генетикалық ресурслардың регионаллық банкин иске қосыўды режелестиргенбиз.

Теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер ушын елимизде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң инновациялық агросанаат хабын жаратыў басламасын алға қоямыз.

Төртиншиден, климат өзгерислеринен зыян көрип атырған мегаполис ҳәм қалалардың турақлы раўажланыўы бойынша алдыңғы билим ҳәм әмелиятлар трансфери ушын Жәҳән климат пайтахтлары альянсын шөлкемлестириўди ҳәм оның биринши форумын Ташкентте өткериўди усыныс етемиз.

Бесиншиден, келеси жылы 15-май – Халықаралық климат күнинде Аралбойы регионында өткерилетуғын Санлы «жасыл» басламалар глобал жаслар фестивалында мәмлекетлериңиз ўәкиллерин күтип қаламыз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Өзбекстан улыўмалық абаданлық ҳәм «жасыл» раўажланыў жолында ашық сөйлесиў ҳәм шерикликке бәрқулла таяр екенин және бир мәрте айтаман.