Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-ноябрь күни Боку қаласында болып атырған БМШның Климат өзгериси ҳаққындағы (ҳадли) конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (COP29) шеңбериндеги Жәҳән жетекшилери саммитиниң жалпы мәжлисинде сөйледи.

Илажда дүньяның 80 нен аслам мәмлекетинен мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтларының басшылары қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиевти бул тарийхый саммитти табыслы шөлкемлестиргени менен шын жүректен қутлықлап, Әзербайжанның бүгинги климат күшлерине қарсы гүресиў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша белсенди ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады.

Президентимиз атап өтгениндей, климат өзгерислери бүгинги күнде тийкарғы глобал күшке айланып, геосиясий кескинликтиң күшейиўине тиккелей тәсир көрсетпекте.

Кәмбағалыққа қарсы гүрес, азық-аўқат ҳәм энергетик қәўипсизликти тәмийинлеў, ишимлик суўы ҳәм ресурсларынан пайдаланыў машқалалары күшейип бармақта.

Климат өзнерсилериниң ақыбетин Орайлық Азия терең сезбекте.

Олар халықтың турмыс сапасын арттырыў ҳәм миллий раўажланыў стратегияларын жүзеге шығарыў жолында тосыққа айланбақта.

Париж келисиўлери шеңберинде тийкарғы мақсет – регионда ҳаўа температурасын жедел өсиўине жол қоймаў, бул көрсеткишлерди усы жүз жыллықта 1,5-2 градус әтирапында сақлап қалыўдан ибарат.

Бул бойынша Өзбекстанда углерод нейтраллығына ерисиў бойынша кең көлемдеги реформалар алып барылмақта. 2030-жылға шекем ҳаўаға ыссыхана гази шығарыўды үштен бир бөлимге кемейтиў режелестирилген. Бул миннетлемелер 2050-жылға шекем және де кеңейеди. «Жасыл» энергетика үлеси 40 процентке жетеди.

Электромобиллер ҳәм «жасыл» водород ислеп шығарыў кластерлери қурылмақта. қуяш ҳәм самал генерациясы хаблары жаратылмақта. «Жасыл мәкан» бағдарламасы шеңберинде көклемзарластырыў аймақлар кеңейтилмекте.

Қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте Регионаллық климат стратегиясы әмелге асырылмақта. Бул күнлерде Европаға «жасыл» энергия жеткерип бериўди шөлкемлестириў ҳаққында көп тәреплеме келисимге қол қойылады.
Глобал климат өзгерислери ақыбетлерин биргеликте жеңип өтиў мақсетинде Өзбекстан жетекшиси қатар басламаларды илгери сүрди.

Атап айтқанда, раўажланып атырған мәмлекетлер дус келип атырған климат қәўиплерин сын көзқарастан ҳәм финанслық баҳалаў ушын жетекши мәмлекетлер, көп тәреплеме институтлар ҳәм конвенциялардың техникалық ҳәм финанслық жәрдемин кеңейтиў мақсетинде Климат себепли жоғалтыў ҳәм зыянларды баҳалаў бойынша халықаралық орай ашыў усыныс етилди.

Қоршаған орталықтың патасланыўы менен байланыслы қәўиплерди қысқартыў, турақлы био көптүрлилик ҳәм трансшегаралық суў ресурслары мәселелеринде бирден-бир қатнасықты ислеп шығыў зәрүрлигин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шафелигинде Дәрья экосистемаларының пүтинлиги ҳәм экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында миннетлемелер ҳаққындағы Декларацияны ислеп шығыў басламасын илгери сүрди.

Сондай-ақ, Өзбекстанда өсимликлердиң климатқа шыдамлылығын арттырыў ушын Генетикалық ресурслардың регионаллық банкин ҳәм теңизге шығыў жолына ийе болмаған мәмлекетлер ушын БМШның инновациялық агросанаат хабын қурыў усыныс етилди.

Климат өзгерислеринен зыян көрип атырған мегаполис ҳәм қалалардың турақлы раўажланыўы, жасаў ушын қолайды шараятлар жаратыў тараўында тәжирийбе ҳәм билим, ең жақсы әмелиятлар трансфери ушын Жәҳән климат пайтахтлары альянсын қурыў ҳәм оның биринши форумын Ташкентте өткериў басламасы билдирилди.

Президентимиз COP29 мәмлекетлери ўәкиллерин кейинги жылы 15- майда – Халықаралық климат күнинде Аралбойында өткерилетуғын Санлы «жасыл» басламалар глобал фестивалында қатнасыўға мирәт етти.

Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан улыўма абаданлық ҳәм узақ мүддетли «жасыл» раўажланыў жолында ашық сәўбет ҳәм әмелий шерикликке ҳәр дайым таяр екенин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Әзербайжан Республикасына әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА