Усы жыл 9-ноябрь күни Нөкис қаласындағы көркем өнер сарайында медицина хызметкерлери күни байрамына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында «Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын!» деген идея астында кең кѳлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Ҳақыйқатында да, өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени, заманагөй медициналық мәкемелердиң қурылғаны ҳәм тараўдың материаллық-техникалық базасының беккемленип барылыўы, медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылғаны турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.

Әсиресе, усы жылдың август айында Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының жаңа имаратында болып, тараў ўәкиллери менен ушырасып, пикирлесиўлер алып барғаны, усы емлеў мәкемесинде илимий-әмелий медицина орайын шѳлкемлестириў бойынша усыныс билдиргени; сондай-ақ, келеси жылы Қарақалпақстанда социаллық тараў, инфраструктура ушын 1 триллион сумнан артық қаржы ажыратыў ҳәм соның ишинде 7 медицина мәкемесин жаңадан қурыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп бергени, – булардың барлығы тараўға, пүткил халқымызға деген жоқары итибардың көриниси саналады.

Соны да мақтаныш пенен айтыўымыз керек, бурын Ташкент қаласына ҳәм сырт еллерге барып исленип жүрген қурамалы операциялар бүгинги күнде Нѳкис қаласында әмелге асырылмақта.Солай екен, Президентимиздиң: «Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады» деген сѳзлери бүгин әмелде ѳз тастыйығын таўып атыр.

Әлбетте, халыққа кѳрсетилип атырған сапалы медициналық хызметлерди заманагѳй медицина мәкемелерисиз кѳз алдымызға келтирип болмайды. Сонлықтан елимизде ҳәр жыл сайын медицина тараўыныӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыў мәселелерине жоқары итибар қаратылып келинбекте.

Бир ғана быйылғы жылдың ѳзинде Нѳкис қаласында 8-санлы шаңарақлық поликлиникасы жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылғаны, жоқарыда айтып ѳткен Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы хызметкерлери жаңа имаратта жумыс баслағаны, Тақыятас районлық медицина бирлеспесине қараслы туўыў комплекси имараты жаңадан қурып-питкерилгени, Республикалық тез жәрдем орайының аймақлық филиалы, Беруний районында Перинатал орайы, Әмиўдәрья районындағы туўыў комплексиниң жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылғаны тараў ҳәм халқымыз турмысында жүз берген әҳмийетли ўақыялардан болып табылады.

Буннан тысқары, усы жылы Инвестиция бағдарламасы шеңберинде Нѳкис қаласы, Шоманай, Елликқала, Тѳрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларындағы 6 денсаўлықты сақлаў объектинде 46 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, жергиликли бюджет қаржылары есабынан 4 медицина объектинде 14 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, Нөкис қаласында Бирлескен Араб Әмирлигиниң «Шейх Халифа» фонды тǝрепинен баҳасы 28 миллион долларлық «Ана ҳǝм бала» клиникасының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур.

Жəне бир айта кететуғын нəрсе, медицина мәкемелерин 1 мың 532 компьютер техникасы менен тәмийинлеў ушын Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында 11 миллиард сум қаржы ажыратылды. Ѳз гезегинде бундай ийгиликли ислер тараў жумысларын еле де жетилистириўде ҳәм халыққа кѳрсетилип атырған медициналық хызметлер сапасын және де арттырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Илажда тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип атырған медицина тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды.

Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги