Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиевтиң мирәт етиўине бола 11-ноябрь күни әмелий сапар менен Баку қаласына келди.
Гейдар Әлиев атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан экономика министри Микойил Жабборов ҳәм басқа рәсмий шахслар күтип алды.
Сапардың бағдарламасында Өзбекстан жетекшисиниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Климат өзгериўи ҳаққындағы ҳадлы конвенциясы Тәреплери конференциясының 29-сессиясы (СОР29) илажларында қатнасыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз Президенти сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткереди.
СОР29 шеңберинде делегациямыз тәрепинен жерлердиң шөллениўине қарсы гүресиў, экологиялық билимлендириўди раўажландырыў ҳәм климат күн тәртибин әмелге асырыўда жаслардың орнына бағышланған жоқары дәрежедеги илажлар өткериледи.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы шөлкемлестирилген Миллий павильонында Аралбойы регионының социаллық-экологиялық машқалаларын шешиў, «жасыл» экономиканы раўажландырыў, қайта тиклениўши энергия ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, био ҳәр түрлиликти сақлаў ҳәм басқа бағдарларда 20 дан артық қосымша илаж өткерилиўи режелестирилген.
ӨзА