Бүгин Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.
Сессияға депутатлар, сектор басшылары, нураныйлар, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты. Күн тәртибинде 4 мәселе көрип шығылды.
Сессияниң күн тәртибинде төрт мәселе-Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Хожели районы ҳәкими лаўазымына Хожели районы 13-«Наўрыз» сайлаў округинен сайланған депутат Жеңис Ермашевты Хожели районы ҳәкими лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы қарарын тастыйықлаў ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси районлық ҳәм қалалық Кеңеслери қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт Кеңесине Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесинен талабан усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Сессияда Жеңис Ермашевтың Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алдағы бес жыл даўамында режелестирилген жумыслары ҳаққындағы бағдарламасы көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Жеңис Ермашев Хожели районы ҳәкими етип тастыйықланды.
Сессия соңында күн тәртибиндеги мәселелер толық қарап шығылып депутатлар бул бойынша тийисли шешим қабыл етти.
Соның менен Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң жетинши шақырық биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги