Мәмлекетимиз басшысының мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге, әсиресе, Бас нызамымызда жәмийетлик бирлеспелер сыпатында атап өтилген кәсиплик аўқамларына болған айрықша итибары нәтийжесинде мәмлекетимизде 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни сыпатында кең белгиленип келинбекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында 11-ноябрь – “Кәсиплик аўқамлары күни” мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилериниң қатнасыўында “Инсан қәдири ушын, ел-журт бахты ушын!” сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан «Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.





Атап өтилгениндей, быйылғы жылы усы күнге шекем жәмәәтлик шәртнамалар арқалы ҳәр бир жумыс ислеўшиге орташа жумсалған қаржы муғдары 5324,6 мың сумды қурап, бул көрсеткиш алдынғы жылға салыстырғанда 14,5 процентке өсти.

Усы жылдың 10 айы даўамында Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде кәрхана шөлкем ҳәм мәкемелерде жәмәәтлик шәртнамалар арқалы социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлар, жумыс ислемейтуғын пенсионерлер, кәрхананың бурынғы хызметкерлери, майыплығы бар пуқаралар, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша 9467 адамға жәми 3 млрд. 677 млн. 648 мың сум, соннан кәрханалар есабынан 2 млрд. 135 млн. 931 мың сум, кәсиплик аўқамлары есабынан 1 млрд. 541 млн. 716 мың сум муғдарында материаллық жәрдемлер берилип, қоллап-қуўатлаў жумыслары әмелге асырылды.

Бозатаў районында 2023-жылы 10-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси басшылығы тәрепинен санаторийдиң ирге тасы қаланып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары даўам етпекте. Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен Нөкис қаласындағы Шымбай гүзары МПЖ аймағындағы бурынғы “Жеткиншек” балалар орайының орнында жаңа заманагөй түрдеги балалар саўалландырыў орайының қурылысы да баслап жиберилди.

2024-жылдың жаз мәўсиминде 11 стационар түрдеги орайларда жәми 7753 бала ҳәм 69 мәденият ҳәм спорт майданшаларында 16753 бала дем алды. Усы жылдың 2-9-январь күнлери балалардың қысқы дем алысында 100 баланың ҳәм 18-24-март күнлери бәҳәрги оқыў дем алысларында 100 баланың жәми 200 баланың “Ақ кеме” орайында дем алыўы шөлкемлестирилди.

«Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы дыққатқа ылайық орынларға 7799 ҳәм тарийхый қалаларға 7279, жәми 15 мыңнан аслам хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саяхатлары шөлкемлестирилди. Усы мақсетлерге кәсиплик аўқамлары тәрепинен 1 млрд. 596 млн. сум, жумыс бериўшилер тәрепинен 318 млн. 300 мың сум қаржы жумсалды. Кәрхана ҳәм шөлкемлерде ислеўши 9846 хызметкер театр ҳәм музейлерге алып барылды. Бул мақсетлер ушын кәсиплик аўкамлары тәрепинен 262 млн. 700 мың сум қаржы жумсалды.

Бүгинги күнге шекем  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына қараслы санаторийлерде республикамыздан 2747 адам жеңилликли жолламалар менен, соннан 126 адам бийпул саўаландырылды. Кеңес тәрепинен 22 кем тәмийинленген шаңараққа 28 млн. сумлық материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың машқалалары “мәҳәлле кесиминде” үйренип шығылып, “Ҳаял-қызлар дәптери”н қәлиплестириў бойынша 452 пуқаралар жыйынларындағы 30 жастан жоқары болған жәми 57016 ҳаял-қыз 6 категория бойынша “Ҳаяллар дәптери”не киргизилди.  Усы жылдың 1-ноябрине “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 5-басқышына киргизилген 56 мың 548 ҳаял-қызға категориялары бойынша жәрдемлер көрсетилди.

Илаж даўамында “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға, мийнеткешлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға ҳәм олардың саламатлығын тиклеўге, мәденият ҳәм спортты раўажландырыўға қосып атырған салмақлы үлеси ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысларындағы белсендилиги ушын мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланды.

–Байрам илажы өзгеше руўхта болып өтпекте. Тыныш елге байрамлар жарасады, дегениндей, мине, бир неше күннен берли кǝсиплик аўқамлары күни республикамыз бойлап кеңнен белгиленбекте. Бунда ǝлбетте, Ҳүрметли Президентимиз басламасының орны айрықша. Бүгинги күнге келип, кǝсиплик аўқамлары халықтың исенимине ерисип атырған буўынға айланды. Қалаберсе, Жаңа Ɵзбекстанда  алып барылып атырған ǝдил сиясат халқымызды разы етиўден ибарат ҳǝм бул сиясат өзин   толық ақламақта,-дейди мийнет ветераны Х.Ермағамбетов.

Илаж көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери