Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-ноябрь күни Дональд Трампқа Америка Қурама Штатлары Президенти сайлаўында жеңиске ерисип, усы лаўазымға сайланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады:

Америка Қурама Штатларының сайланған Президенти

Дональд Джон Трамп

Уллы мәртебели мырзаға

Ҳүрметли Уллы мәртебели мырза Трамп!

Сизди Америка Қурама Штатларының Президенти лаўазымына сайланғаныңыз мүнәсибети пенен шын кеўилден қызғын қутлықлап, өзимниң қызғын қутлықларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Сайлаўлардағы исенимли жеңисиңиз Сиздей бай тәжирийбели ҳәм шебер сиясатшының АҚШты халықаралық майдандағы абырайы ҳәм экономикалық қүдиретин арттырыў, глобал раўажланыў ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған бағдарлама ҳәм режелериңиз Америка халқы тәрепинен белесене қоллап-қуўатланғанын және бир мәрте анық тастыйықлады.

Биз Америка Қурама Штатларының мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған өзгермес позициясын, артқа қайтпайтуғын түске енген реформаларымызға көрсетип киятырған турақлы жәрдемин айрықша қәдирлеймиз.

Сиздиң биринши президентлик дәўириңизде 2018-жыл май айында Ақ үйде өткерген нәтийжели сөйлесиўлеримизден кейин Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шериклиңтиң жаңа дәўири басланғанын айрықша атап өтиўди қәлеймен.

Сизиң жеке итибарыңыз бенен еллеримиз арасындағы қатнасықлар мисли көрилмеген дәрежеде раўажланып, өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаўға тийкарланған сиясий сөйлесиўлеримиз және де беккемленди, саўда-экономикалық, қәўипсизлик, әскерий-техникалық ҳәм гуманитарлық байланыслар жеделлести.

Жоқары дәрежедеги ўәкиллеримиз ҳәм нызам шығарыўшылар арасындағы жедел сапарлар алмасыўы нәтийжесинде бирге ислесиўимиз сапа ҳәм мазмун жағынан жоқары басқышқа көтерилди.

Ҳүрметли Уллы мәртебели мырза!

Биз буннан кейин де Сиздиң басшылығыңыздағы АҚШ Администрациясы менен дослық байланысларын үзликсиз даўам еттириўге, уллы ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген барлық келисимлерди толық әмелге асырыўдан мәпдармыз.

Сондай-ақ, «С5+1» платформасы ҳәм «Орайлық Азия мәмлекетлери менен АҚШ арасында саўда ҳәм инвестициялар бойынша ҳадлы Келисими» шеңберинде регионаллық бирге ислесиўди және де кеңейтиў тәрепдарымыз.

Биргеликтеги исенимли ҳәрекетлеримиз бенен сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, қәўипсизлик, банк-финанс, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, санластырыў, инновация, билимлендириў ҳәм басқа тараўлардағы шериклигимиз биргеликтеги жойбарлар менен нәтийжели байып барабереди деп ойлайман.

Келешекте Аўғанстанда турақлы тынышлықты тәмийинлеў ҳәм оның экономикалық-социаллық раўажланыўына үлес қосыў өз-ара бирге ислесиўимиздиң ажыралмасы бөлегине айланады.

Узақ мүддетли ҳәм кең көлемли қатнасықларымызды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде Сиз, Уллы мәртебили мырзаның Өзбекстанға рәсмий сапарыңызды күтип қаламыз.

Пурсаттан пайдаланып, Сизди усы тарийхый жеңисиңиз бенен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, беккем саламатлық, бахыт-ығбал, басланып атырған жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа әўметлер, дос Америка халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм даўамлы раўажланыў тилеп қаламан.

Ҳүрмет пенен,

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти