11-ноябр – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим тараўы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға республикамыздың барлық аймақларынан билимлендириў тараўының пидайы хызметкерлери, устаз ҳәм педагоглар қатнасты.
Илажда Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим тараўы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси баслығы Р.Бедилов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М. Данияров ҳәм басқалар барлық қатнасыўшыларды жақынласып киятырған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамы менен қутлықлады.
Олар өз сөзлеринде билимлендириў тараўында жумыс алып барып атырған устазлардың жәмийетлик турмыстағы орны айрықша екенин атап өтип, олардың келешек әўладты тәрбиялаўдағы мийнетлерин жоқары баҳалады. Билимлендириў тараўындағы хызметкерлер тек ғана билим берип қоймай, ал жаслардың келешекте кәмил инсан болып жетилсиўинде мүнәсип үлес қосып атырғанын атап өтти.
Ушырасыўда бир қатар устазлар Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим тараўы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
-Байрам мүнәсибети менен бизлерге өзлериниң жыллы тилеклерин билдирип, Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықлағаны ушын шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет айтаман,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Архитектура кафедрасы доценти Аманбай Арзиев.
Бундай байрам илажлары республикамыз бойлап даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы