Америка Қурама Штатлары биринши сайлаў участкасы Нью-Гемпшир штатындағы елатлы пунктте ашылды ҳәм жабылды. CNN хабарына бола, бул жерде талабанлар тең муғдарда даўыс алған.
Вице-президент Камала Харрис ҳәм бурыңғы президент Дональд Трамп Диксвилл-Нотч киши кең жәмийетшилигинде үшеўден даўыс алды. Бул аймақ сол тәризде мәмлекетте сайлаў күни басланыўын белгилеп, өз үстинлигин көрсетти.
Арқада, АҚШ-Канада шегарасы жақынында жайласқан, қала статусына ийе болмаған бул жәмийетлик сайлаў участкасы 1960-жылдан берли ҳәр бир сайлаўда жергиликли ўақыт пенен ярым түн – мәмлекет бойынша ең ерте ашылып, даўыс бериў жуўмақланып, дәрҳал жабылыўы менен бәнт.
Даўыслар тез саналып, нәтийже сол ўақытта жәрияланады. Бул процесс ҳәр сапары журналистлер итибарын тартады. Бул рет Трамп ҳәм Харрис бирдей даўыс топлағанына қарамастан, жергиликли төрт халық өзин Республикашылар партиясы тәрепдары, деп есаплайды. Еки пуқара болса ҳеш бир талабанды абзал көрмеген. 2023-жылдағы мағлыўматқа бола, аўылдың сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе бар халқы әйне сол алты адам.
Еслетип өтемиз, бүгин 5-ноябрь күни АҚШта президентлик сайлаўы болып өтпекте. Мүддетинен алдын даўыс бериў әлле қашан басланған, көплеген сайлаўшылар почта арқалы өз таңлаўын билдирип болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги